Елимизде болып атырған жедел реформалар, халқымыздың ийгиликли мақсет-муратларын өзинде сәўлелендирген мисли көрилмеген өзгерислер бай руўхый  тамырларымызға сүйенеди. Руўхый дүньямыздың тийкарларын болса уллы шайыр ҳәм ойшыл Әлийшер Наўайының бийбаҳа мийрасларысыз көз алдымызға келтире алмаймыз.

Усы күнлери мәмлекетимиздиң барлық аймақларында дүнья жүзи тән алған ойшыл бабамыздың туўылғанының 578 жыллығы кеңнен белгиленбекте. 9-февраль – уллы шайырдың туўылған күни мүнәсибети менен Әлийшер Наўайы аты менен аталатуғын Өзбекстан Миллий бағында салтанатлы илаж болып өтти. Бағ аймағы да ерте таңнан-ақ әдебият ықласбентлери, сенаторлар, депутатлар, ҳәр қыйлы министрликлер ҳәм уйымлар, дөретиўши ҳәм жәмийетлик структуралар, елимизде жумыс алып барып атырған сырт ел дипломатиялық корпуслары ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, шайыр ҳәм жазыўшылар, әдебият пидайылары, поэзия ықласбентлери, оқытыўшылар, студент-жаслар, кең жәмийетшилик пенен толды.

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, халық шайыры Сирожиддин Саййид, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өзбекстанға тийисли  сырт елдеги мәдений байлықларды изертлеў орайының жетекши илимий хызметкери, филология илимлериниң докторы Афтондил Эркинов, Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университетиниң өзбек әдебияты тарийхы ҳәм фольклоры кафедрасының доценти, филология илимлериниң кандидаты Дилнавоз Юсупова ҳәм басқалар елимизде миллий әдебиятымызға көрсетилип атырған итибар бай илимий, руўхый мийрасымызды үйрениў, оны үгит-нәсиятлаў, ески дәреклерди ҳәр тәреплеме изертлеген ҳалда басып шығарыў, дөретиўши халыққа ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиў сыяқлы ийгиликли жумысларда өз әмелий көринисин таўып атырғанын  атап өтти.

Бул мәселелер Әлийшер Наўайының шығармаларын үйрениў, оның бийбаҳа мийрасын жас әўладты жоқары мәнаўиятлы, терең ойлы, жоқары дөретиўшилик-интеллектуаллық потенциал ийеси етип камалға келтириўдей ийгиликли ислерде және де айқын көзге тасланбақта. Елимизде илим, әдебиятқа жаратылып атырған кең шараятлар Наўайы сыяқлы уллы ойшылларымыздың өмири ҳәм дөретиўшилигине тийисли жаңадан табылған тарийхый дәреклерди үйрениўдиң және де көбирек перспективаларын ашпақта.

Ҳақыйқатында да, мәмлекетимизде сырт еллер менен өз-ара пайдалы, жақсы қонсышылық, дослық байланысларының кең жолға қойылғаны ески дәреклерди излеў, олардан пайдаланыўға байланыслы имканиятларды кеңейтпекте. Дүнья жүзи итибарындағы ҳәм дүнья тән алған ойшыл Әлийшер Наўайының дөретиўшилигине байланыслы дәреклер менен қолжазбаларды изертлеўде бул және де айқын көзге тасланбақта.

Уллы Британия музейиниң қолжазбалар фондының баслығы, профессор Майкл Жеймс Эрдман, Тәжикистан Республикасының елимиздеге Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Имоми Содиқ Ашурбойзода Әлийшер Наўайының инсаныйлық ҳәм жақсылыққа суўғарылған дөретпелери әсирлер даўамында әдебият ықласбентлериниң  итибарында болып киятырғаны, шайыр дөретпелери дүньяның бир неше тиллерине қайта-қайта аўдарылып, жетик үйренилип атырғанын атап өтти. Бабамыздың Британия музейинде сақланып атырған қолжазба дөретпелерин үйрениў, Өзбекстан ҳәм Тәжикистан арасында раўажланып атырған мәдений-гуманитарлық бағдардағы бирге ислесиў, бул бағдарда Абдураҳмон Жомий ҳәм Әлийшер Наўайы дөретиўшилик мийрасының орны ҳәм әҳмийетине байланыслы баянатлар илаж қатнасыўшыларында үлкен қызығыўшылық оятты. Себеби, Наўайы улығлаған социаллық әдиллик, адамлардың аўырын жеңил етиў, турмыс абаданлығын арттырыў, алдынғы жаңалықларға умтылыўға байланыслы ийгиликли идеялар бүгинги күнде өмиримиздиң мазмуны, реформалардың баслы мақсетине айланғаны итибарға ылайық болып табылады.

Термиз қаласында шөлкемлестирилген Аўғанстан пуқараларын оқытыў билимлендириў орайының екинши курс студентлери Асадулло Азизий, Раъно Шерзод қызы Наўайы ғаззеллеринен үзиндилерин айтты. Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, жас шайыр Жўрабек Жаҳон «Әлийшер Наўайы естелиги алдында» атлы қосығын оқыды. «Ниҳол» сыйлығының лауреаты Шарофиддин Муродов шайыр бабамыздың ғаззели менен жырланатуғын «Гулизорим» қосығын атқарды. Әлийшер Наўайы естелигине гүллер қойылды.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйлери Х.Султонов, А.Абдувахитов қатнасты.

 

*   *   *

 

Сол күни пайтахтымыздың Наўайы көшесиндеги шайырдың естелиги бой тиклеп турған қыябанда жаслар, поэзия ықласбентлериниң қатнасыўында мушайра болып өтти.

Жазыўшылар аўқамы баслығының биринши орынбасары Минҳожиддин Мирзо, наўайытаныўшы илимпаз Ҳамидулла Балтабаев уллы шайыр бабамыздың дөретиўшилиги адамгершиликтиң мәңги сабағы екенин атап өтти.

Наўайы дөретиўшилигиниң инсанның камалға келиўи, жоқары мәнаўиятлы шахс тәрбиясындағы орны ҳаққында, бийбаҳа мийрас барлық дөретиўшилер сыяқлы жас шайырлардың дәслепки қәдеминде де әҳмийетли илҳам дәреги болып хызмет етип атырғаны ҳаққында ҳәр тәреплеме сөз етилди. Ойшылдың ғаззел ҳәм рубайылары, жас шайырдың дөретпелеринен үзиндилер жаңлады.

Бундай илажлар, поэзия ҳәм әдебият, мәнаўият байрамлары елимиздиң барлық аймақларында, китапханалар, билимлендириў мәкемелери, мәҳәллелер, уйымлар ҳәм шөлкемлерде болып өтпекте.

 

Назокат Усманова,

ӨзАның хабаршысы