Усы жыл 10февраль күни Республикамыз аймағында жынаятшылыққа қарсы гүресиў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бағдарындағы әмелге асырылған илажлардың бүгинги жағдайы, жумысшы топар тәрепинен анықланған кемшиликлер ҳәм алда турған ўазыйпаларға бағышланған мәжилис болып өтти.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов басқарып, елимизде Президентимиздиң басшылығында жынаятшылыққа қарсы гүресиў, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти. Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министри басшылығындағы жумысшы топар төрт күн даўамында усы жумыслардың барысы менен жақыннан танысып шықты.

Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министри П.Бабажанов шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң кеңейтилген мәжилис протоколы талапларының орынланыўын тәмийинлеў нәтийжесинде Қарақалпақстан Республикасы аймағында жүз берген жынаятлардың саны кескин азайыўына ерискенлигин атап өтти. Соның менен бирге, айырым сектор басшылары тәрепинен аўыр ҳәм жүдә аўыр түрдеги жынаятлардың алдын алыў бағдарында тиккелей пуқаралар жыйынларында әмелге асырылыўы тийис болған жумыслардың дурыс жолға қойылмағанлығы қатаң сынға алынды. Сондай-ақ, айырым районларда ҳуқық қорғаў уйымларының пуқаралық жәмийети институтлары менен биргеликтеги жумыслары төмен дәрежеде алып барылған. Аймақларда криминоген жағдайды турақластырыў илажлары өз ўақтында көрилмегенлигинен айырым секторларда жүз берген  жынаятлар анық мысаллар менен көрсетип өтилди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасының баслығы Д.Бабажанов, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының биринши орынбасары Т.Романов, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы А.Данияров, «Нураний» қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Ш.Уснатдинов, Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша судының баслығы  Г. Базарбаева, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри Д.Ходжиев, Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы З.Ибрагимова ҳәм басқалар шығып сөйледи.

Сондай-ақ, сектор басшылары – Қарақалпақстан Республикасы прокуроры Х.Каримов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирхановлардың есабатлары тыңланды.

Мәжилиске Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының биринши орынбасары Э.Таджиев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги