Ихтиёр Абдуллаев денсаўлығына байланыслы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети баслығы лаўазымын тәрк етти. Оның орнын бурынғы қорғаныў министри, генерал-лейтенант Абдусалом Азизов ийеледи. Бул ҳаққында Газета.uz хабар берди.

Ташкент әскерий округы командири Баҳодир Қурбонов қорғаныў министри етип тайынланды.

Абдусалом Азизов (1960-жылы туўылған) 2017-жыл сентябрь айынан Қорғаныў министрлигин басқарып киятырған еди.

Ихтиёр Абдуллаев 2018-жыл 31-январь күни МХХға басшы болды. Ол 2015-жылдан Өзбекстан Бас прокуроры, 2009-жылдан – Президенттиң мәмлекетлик кеңесгөйи сыпатында жумыс алып барған.

Генерал-майор Баҳодир Қурбонов қорғаныў министри етип тайынланғанға шекем 2018-жыл февральдан Ташкент қаласы, пайтахт ҳәм Сырдәрья ўәлаятлары аймағын өз ишине алған Ташкент әскерий округы командири болған. 2015-жыл декабрьден ол ИИББ басшысы сыпатында жумыс ислеген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги