Усы жыл 9-февраль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Арқа-Батыс әскерий округи дүзилгениниң 20 жыллығына бағышланған мәжилис болып өтти.

Ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, офицер ҳәм сержантлар, ветеранлар,  әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасқан илажды Нөкис қаласының ҳәкими П.Турешев басқарып барды.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери атқарылды.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, аймақлық әскерий-ҳәкимшилик секторы басшысы М.Ерниязов, Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги Ветеранлар менен ислесиў бойынша Орайлық кеңеси баслығының орынбасары А.Наврузов, Арқа-Батыс әскерий округиниң сәркардасы, полковник Ф.Ортиқов шығып сөйлеп, жыйналғанларды округтиң дүзилгениниң 20 жыллығы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, өткен жыллар даўамында Арқа-Батыс әскерий округи тәрепинен елимиздиң ең үлкен аймағындағы шегараны қорғаўда, халқымыздың исенимли қорғанына айланған әскерлеримиздиң жаўынгерлик таярлығын арттырыўда, олардың терең билимли, жоқары профессионаллық ҳәм әдеп-икрамлылық пазыйлетлерин қәлиплестириўде айрықша орын тутпақта.   Және бир әҳмийетли тәрепи, өткен жыллар ишинде округте әскерий кадрлар таярлаўда өзине тән жаңа мектеп жаратылып, олар елимиздиң қорғаныў қүдиретин буннан былай да беккемлеўге хызмет етпекте. Усы жерден жетилисип шыққан кадрлар ҳаққында сөз болғанда, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик Кеңесиниң хаткери Виктор Владимирович Махмудовты, Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы сәркардасы, генерал-полковник Баҳадыр Хамидович Тошматовты, Шыршық Жоқары танкшилер командирлик инженерлик билим журтында жасларға билим берип киятырған полковник Тохир Анварович Эргашевти, әскерий хызметте көпшиликке ибрат болып киятырған полковник Муратжан Маматкаримович Гафуров ҳәм басқаларды атап өтиўге болады.

Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёев тәрепинен елимиздиң Қорғаныў потенциалын буннан былай да арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Усының нәтийжесинде Қураллы Күшлеримизди модернизациялаў, оның материаллық-техникалық базасын беккемлеў, әскерий хызметкерлердиң профессионаллық билим және тәжирийбесин, соның менен бирге жаўынгерлик таярлығын арттырыў, әскерий билимлендириў тараўына сырт еллердиң алдыңғы тәжирийбелерин, мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Әсиресе, барлық ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларын, жәмийетлик шөлкемлерди,  тәлим-тәрбия мәкемелерин, кең жәмийетшилик ўәкиллерин бир мақсет әтирапына жәмлестирген бирден-бир системаның жаратылыўы, «Тимурбеклер мектеби»ниң шөлкемлестирилиўи,  халқымыздың шын мәнисинде тыныш-татыў, бахытлы және абадан турмыста жасаўына, Ўатанымызға садық әскерий хызметкерлерди таярлаўға хызмет етпекте.

Президентимиздиң 2018-жылдың 15-16-ноябрь күнлери республикамызға сапары даўамында Арқа-Батыс әскерий округинде әскерлер менен ушырасып, бул жерде жаратылған шараятлар бойынша билдирген көрсетпелери бизиң ҳәр биримизге айрықша жуўапкершилик жүклейди.  Соның менен бирге, Президентимиздиң пәрманы менен ҳәр бир аймақта әскерий-ҳәкимшилик секторлардың дүзилгени, армия ҳәм халықтың бирлигин тәмийинлеў жумысларының сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилгени турмысымызда әҳмийетли орын тутпақта.  Усы бағдарда ислеп шығылған «Жол картасы» тийкарында өткен жылдың өзинде Арқа-Батыс әскерий округинде 36 миллиард сумнан зыят қаржы есабынан қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары алып барылып, керекли инвентарлар менен тәмийинленген болса, әскерий-ҳәкимшилик секторының жумысларын раўажландырыў мақсетинде жергиликли бюджет есабынан 31 миллиард сумға шамалас қаржы ажыратылды. Ең әҳмийетлиси, әскерий хызметкерлерди социаллық қоллап-қуўатлаў, олардың шаңарақ ағзалары ушын қолайлы шараят жаратыў мәмлекетлик сиясат дәрежесиниң ең баслы бағдарларынан бирине айланбақта. Өткен қысқа дәўир ишинде әскерий хызметкерлер ушын 66 квартиралы 3 турақ жайда қурылыс жумыслары алып барылды. Бул ийгиликли ислер келеси жылы да даўам етип, 120 квартиралы 4 турақ жайды қурыў режелестирилмекте.

Илажда сәне мүнәсибети менен бир топар әскерий хызметкерлерге гезектеги әскерий дәрежелер, көкирек нышанлары, Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги ҳәм Арқа-Батыс әскерий округиниң Ҳүрмет жарлықлары, баҳалы саўғалар тапсырылды.

Салтанатлы мәжилис Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен Қураллы Күшлер Орайлық қосық ҳәм аяқ ойын ансамблиниң, республика көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ. Сариев қатнасты.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.