Нөкис қаласында биринши мәрте рәсмий түрде аралас қағыйдалар бойынша Өзбекстан ММА чемпионаты өткериледи. Бул ҳаққында Оламспорт басылымы хабар берди.

Биринши мәрте өткерилетуғын Өзбекстан чемпионатында жәми 8 салмақ категориясы бойынша чемпионлар анықланады. Спортшылар -56,7, -61,2, -65,8, -70,3, -77,1, -84, -93 ҳәм +93 кг салмақ категориялары бойынша жекпе-жекке шығады.

Жобаға муўапық, Өзбекстан чемпионаты 17-февраль күни өткериледи. Олимпия системасындағы сайлап алыў жарыслары 10:00 ден басланады. Саат 17:00 де болса финал жарысларына старт бериледи. 16-февраль күни спортшылардың салмағын өлшеў илажлары шөлкемлестириледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги