Алишер Есбосынович Сәнетуллаев «Москва инженерлик физика институти» миллий изертлеў университети Ташкент филиалының атқарыўшы директоры етип тайынланды. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Бул филиал Президенттиң 2018-жыл 20-июльдағы қарары тийкарында шөлкемлестирилген болып, ядро энергетикасы ҳәм ыссылық физикасының тармақлары ушын инженер-техник кадрларда таярлаў филиалдың тийкарғы ўазыйпаларының бири болып табылады.

Филиалдың билимлендириў бойынша жумыслары 2019-2020-оқыў жылынан басланады.

Мағлыўмат ушын, профессор Алишер Есбосынович Сәнетуллаев 2002-жылы АҚШтың Мичиган университетиниң бакалавр, 2004-жылы Өзбекстан Миллий университетиниң магистратура басқышларын питкерген. 2011-жылы Мичиган университетинде ядро физикасы бойынша PhD илимий дәрежесин алған. Ол АҚШ, Канада сыяқлы мәмлекетлердеги илимий орайларда изертлеўлер алып барған. Соңғы ўақытлары Ташкенттеги Инҳа университетинде физика профессоры сыпатында жумыс ислеп келген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги