2018-жылдың январь-декабрь айларындағы орташа айлық номинал есапланған мийнет ҳақы көрсеткишин республика аймақлары бойынша көрип шығатуғын болсақ, орташа айлық мийнет ҳақының жоқары муғдары Нөкис қаласында 2 221,2 мың сумды (республикадағы орташа айлық мийнет ҳақығак салыстырғанда 128,3%), Қоңырат районында 2 017,8 мың сумды (116,6%) ҳәм Мойнақ районында 1 841,1 мың сумды (106,4%) ҳәм Тақыятас районында 1 608,4 мың сумды (92,9%) қурады. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы статистикалық басқармасы хабар берди.

Орташа айлық мийнет ҳақының төменги муғдары Әмиўдәрья районында 1 274,3 мың сумды (73,6%), Беруний ҳәм Қараөзек районларында 1 258,5 мың сумды (72,7%) қурап, басқа районларға салыстырғанда салыстырмалы аз муғдарға ийе болды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.