Өзбекстан баспасөз ҳәм хабар агентлиги Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлиги етип қайта шөлкемлестирилди, сондай-ақ, агентлик Президент Администрациясы структурасына өткерилди. Бул ҳаққында агентликтеги дәрекке тийкарланып, Газета.uz хабар берди.

Президент Шавкат Мирзиёев агентликти қайта шөлкемлестириў ҳаққындағы пәрман ҳәм қарарға қол қойған.

Агентлик Министрлер Кабинети юрисдикциясынан шығарылып, мәмлекетлик мәлимлеме сиясатын ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўдағы ўәкилликли органға айландырылған.

Ғалаба хабар қуралларын раўажландырыў, баспасөз хызметлери жумысларын жақсылаў ҳәм мәмлекетлик органлардың жәриялылығын тәмийинлеў оның баслы ўазыйпалары етип белгиленди.

Барлық мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў органлары агентликтиң мәлимлеме тараўындағы тапсырмаларын орынлаўға мәжбүр.

Агентлик директоры мәмлекет басшысы кеңесгөйиниң орынбасарына теңлестирилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги