Усы жыл 31-январь ҳәм 1-февраль күнлери Самарқанд қаласында спорттың жеңил атлетика түри бойынша 2006-2007-жыллары туўылған жас өспиримлер арасында Өзбекстан чемпионаты өткерилди.

Онда пайтахтымыздағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң 6 спортшысы табыслы қатнасты. Усы мектептиң тәрбияланыўшылары Татьяна Михайлова ҳәм Арсений Меловановлар  600 метр аралыққа жуўырып, бириншиликти ийеледи ҳәм алтын медальды қолға киргизди.

Бул ҳаққында мектеп жәмәәти хабар бермекте.

Мағлыўмат орнында, бүгинги күнде спорт мектепте 1903 спортшы тәрбияланбақта. Олар 16 спорт түри бойынша турақлы шуғылланып келмекте.

Спортшыларды жарысқа тренер Динара Сержанова таярлады.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы