Жақында, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2019-жыл 16-январьдағы «Қарақалпақстан Республикасы аймағында қырғаўылларды қорғаў ҳәм бас санын көбейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарары шыққан еди.

Усыған муўапық, республикамыз аймағында 2019-2020-жылларда қырғаўылларды аўлаў қадаған етилди. Қырғаўылларды нызамсыз түрде аўлаўға жол қойған шахсларға әмелдеги нызамлар тийкарында ҳәм белгиленген тәртипте тийисли илажлар көриледи.

Усы қарар талапларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң 17-январь күнги арнаўлы буйрығы шығарылып, район(қала)лық инспекциялар тәрепинен тийисли илажлар әмелге асырылмақта.

Комитет тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда, 19-январь күни Шоманай районында өткерилген рейд жумыслары барысында пуқаралар Е.С., А.Е., Ж.К.лар 1 қырғаўыл, 2 қоян, Қанлыкөл районында болса, 20-январь күни пуқара С.Е. 1 қырғаўыл аўлағаны анықланып, иркилди. Аў мылтықлары айғақлы зат ретинде алып қойылды.

Олардың тәбиятқа, ҳайўанат дүньясына келтирген зыяны анықланып, топланған материаллар Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң 90-статьясы 2-бөлимине тийкарланып көрип шығылмақта.

Рейд жумыслары даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.