Көп квартиралы турақ жайларды басқарыў системасында заманагөй мәлимлеме-коммуникациялық технологияларды енгизиў ҳаққындағы ҳүкиметлик қарар қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Қарар тийкарында, көп квартиралы турақ жайларды басқарыў системасына «Абат үй» электрон бағдарламасын енгизиў бойынша илажлар жобасы тастыйықланды.

Бул жобаға муўапық, 2019-жыл 1-майға шекем «Абат үй» электрон бағдарламасы ҳәм оның мобиль қосымшасы енгизиледи.

Бул бағдарлама жеке меншик турақ жай мүлк ийелери ширкетлеринде мәжбүрий төлемлердиң есапларын алып барыў ҳәм мәлимлеме-мәсләҳәт алыў мүмкиншилигин беретуғын биллинг системасы болып табылады.

Бул система Ташкент қаласының Мирзо Улуғбек районында үлги тәризинде енгизилип, сынақтан табыслы өткен.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.