USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Пийшемби, 28 Март

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ПЕРСПЕКТИВАЛЫ ЖОЙБАРЛАР, ЖАҢА БАСЛАМА ҲӘМ ИДЕЯЛАР ХАЛҚЫМЫЗ АБАДАНЛЫҒЫНЫҢ ТИЙКАРЫ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда социаллық-экономикалық реформалардың барысы, әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар, ири жойбарлар менен танысыў мақсетинде 30-январь күни Жиззақ ўәлаятына келди.

Халқымыз мәмлекетимиз басшысының ўәлаятларға сапарын айрықша қызығыўшылық пенен бақлап барады. Себеби, бундай сапар етиўлер ўақтында әпиўайы адамлардың жүрегиндеги сөзлер айтылады, турмыслық машқалаларға шешим табылады, жаңа басламалар, идеялар әмелге асырылыўына түртки бериледи.

Президентимиздиң Жиззақ ўәлаятына бул ретки сапары да әне усындай көтериңки руўхта басланды.

Шавкат Мирзиёев дәслеп Фориш районында атом электр станциясын қурыў ушын инженерлик изертлеўлер алып барылып атырған майданлардан бирин көзден өткерди.

Бизге белгили, тыныш мақсетлерде пайдаланыў ушын елимизде биринши мәрте атом электр станциясын қурыў режелестирилген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманына муўапық, Министрлер Кабинети жанында Атом энергетикасын раўажландырыў агентлиги дүзилген. Сырт ел жойбарларының саны ҳәм көлеми бойынша дүньяда биринши орында туратуғын «Росатом» корпорациясы менен келисимге ерисилген.

Бул станция ҳәр бири 1 мың 200 мегаватт қуўатлылыққа ийе  еки,  «3+» әўладына тийисли ең заманагөй ҳәм қәўипсиз энергия блогынан ибарат болады. Олар Халықаралық атом энергиясы агентлигиниң барлық қәўипсизлик талапларына жуўап береди.

Атом электр станциясының иске түсирилиўи нәтийжесинде миллиардлап куб метр тәбийғый газ үнемленеди, атмосфераға карбонад ангидрид шығарыўылы жылына 14 миллион тоннаға шекем, азот оксидлери шығарылыўы 36 мың тоннаға азаяды. Атом энергиясы экологиялық таза болып, ийис газин пайда етпейди.

Президентимиз изертлеў жумысларының барысы менен қызықты, «Өзатом» агентлиги ҳәм «Росатом» корпорациясы басшылары менен сәўбетлести.

Бул үлкен жойбар Россия менен стратегиялық шериклигимиздиң жаңа бағдары. Мәмлекетимиз санааты раўажланып атыр, халықтың саны өспекте. Еле алдымызда және үлкен режелеримиз бар. Булар ушын турақлы энергия тәмийнаты керек. Атом электр станциясы энергия дәреклери шекленген шараятта әне усындай имканият жаратады, экономиканы раўажландырыўға, адамларды жумыс пенен тәмийинлеўге хызмет етеди, деди мәмлекетимиз басшысы.

Атом электр станциясын анық есап-санақ ҳәм пуқта таярлық пенен қурыў, бундай объектлердиң қурылысына байланыслы сырт ел тәжирийбесин үйрениў зәрүрлиги атап өтилди.

Бизиң атом электр станциямыз басқаларынан жақсы, сапалы ҳәм қәўипсиз болыўы керек, деди Шавкат Мирзиёев.

Бул тараўға қәнигелескен кадрлар таярлаў бағдарындағы жумыслар ҳаққында да мағлыўмат берилди. Ҳәзир өзбекстанлы 30 студент «Москва инженерлик-физика институты» миллий изертлеў ядро университетинде билим алмақта. Бул билим журтының Ташкентте шөлкемлестирилип атырған филиалы келеси оқыў жылынан дәслепки студентлерди қабыллайды. Бул жаслар жоқары қәнигели кадр болып жетиседи ҳәм атом электр станциясының қәўипсиз ислеўин тәмийинлейди.

Усы жерде Жиззақ ўәлаятының минерал шийки зат базасын кеңейтиў, Фориш районын социаллық-экономикалық раўажландырыў, туризм потенциалы ҳәм суўғарылмайтуғын жерлерден нәтийжели пайдаланыўға қаратылған жойбарлар менен таныстырылды.

Фориш – имканиятлары бойынша ең бай районлардан бири. Бирақ ҳәзир басқа аймақлардан бираз артта. Бул жердиң аўыл хожалығы, геология, қайта ислеў тараўларындағы имканиятлардан дурыс пайдаланылса, район экономикасын бир неше есеге арттырыў мүмкин, деди Президент.

Мәселен, Жиззақ ўәлаятында базальт, цинк, қорғасын, цемент, гипс, кварц, пардозлаўға қолайлы таслары сыяқлы тәбийғый байлықлар көп. Геологиялық ҳәм экономикалық таллаўлар тийкарында оларды қайта ислеўди шөлкемлестириў, жергиликли бюджетке үлкен дәрамат келтиретуғыны ҳәм халықты жумыс пенен тәмийинлеў мүмкин екенлиги атап өтилди. Бул ушын «Жиззақ» еркин экономикалық зонасының имканиятларынан пайдаланыў, исбилерменлерге кең жол бериў кереклиги атап өтилди.

Және бир үлкен имканият – Фориш районы аймағының кеңлиги болып табылады. Алдынғы сапар етиў ўақтында берилген тапсырмаларға тийкарланып бул жерде суўды топлаў ҳәм оннан үнемлеп пайдаланыўға қаратылған жумыслар әмелге асырылды. Нәтийжеде районда қосымша 50 мың гектар суўғарылатуғын жер пайда болды. Президентимиз бул жерлер бурын пайдаланылмаған өнимдарлы топырақ екенин атап өтип, оған талап жоқары егинлер егиў, халықтың дәраматын көбейтиў бойынша көрсетпелер берди.

Сондай-ақ, ўәлаяттағы суў сақлағышларда балық жетистириўди көбейтиў, шөл районларда шарўашылықты раўажландырыў, сүт ҳәм жүнди қайта ислеў кәрханаларын шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы жиззақлы ветеранлар менен пикирлести.

Сәўбетте мәмлекетимиздиң экономикасын структуралық өзгертиў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында сөз болды.

Елимиздиң барлық орынларында жаңа заводлар, турақ жайлар, мектеплер қурылып атыр. Халқымыздың жасаў шараяты, талаплары да өсип бармақта. Бул зәрүрликлер ушын ҳәзирше тәбийғый байлықларымыздан пайдаланып атырмыз, бирақ олардың резерви шексиз емес. Сол ушын альтернатив энергия дәреклерин жаратыўымыз зәрүр, деди Шавкат Мирзиёев.

Бул атом электр станциясын қурыўда барлық халықаралық талапларға қатаң әмел етилиўи, бундай станциялардан көплеген мәмлекетлерде кеңнен пайдаланып атырғаны атап өтилди.

Биз бул жойбардың қәўипсизлигине, экономикалық зәрүрлигине исенгенимиз ушын қурыўға киристик. Ертеңги күнди ойлап ис тутпасақ, раўажланыўдан артта қалып кетемиз, деп атап өтти Президентимиз.

Президентимиз райондағы базальт тасын қайта ислеп, базальт талшығы ҳәм арматурасын ислеп шығарыўға қәнигелестирилген «Mega Invest Industrial» қоспа кәрханасының жумысы менен танысты.

2017-жыл декабрьде жумыс баслаған кәрхананың жумысы 3 басқышта жолға қойылады. Ҳәзирги ўақытта биринши ҳәм екинши басқышлар иске түсирилген. Бул ушын Уллы Британияның «Leigh Bаrrier» компаниясының 11 миллион доллар және коммерциялық банктиң 26 миллион доллар кредит қаржысы қаратылды. Германия, Франция, Италия, Россия, Түркия сыяқлы мәмлекетлерден заманагөй ноу-хау технологиялары алып келинип орнатылды. Нәтийжеде 225 адамның бәнтлиги тәмийинленди. 2018-жылы бул жерде мың тонна базаль арматурасы ҳәм сеткалар ислеп шығарылды. Кәрхана толық қуўатлылықта ислей баслағаннан соң, жылына  4 мың тонна базальт талшығы ҳәм 4800 тонна арматура таярланады.

Базальт арматурасының металл арматурадан айырмашылығы сонда, ол 8 есеге жеңил, 3 есе беккем, тат баспайды, өзинен электр тогин өткермейди. Сондай-ақ, металл арматурадан 30 процент арзан және 100 жылға шекем өз қәсийетин жойытпайды. Ол регионымызда бирден-бир ҳәм ҒМДА мәмлекетлеринде екинши усындай кәрхана.

Мәмлекетимиз басшысы кәрханадағы жумыс процесин көзден өткерди. Бул жержде ислеп шығарылып атырған өнимлердиң сапасын буннан былай да арттырыў, өзине түсер баҳасын азайтыў, көлемин көбейтиў бағдарында системалы жумысларды әмелге асырыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.

Президентимиз күнниң екинши ярымында Мырзашөл районына келди.

Шавкат Мирзиёев Мырзашөл районы Ғалаба мәҳәллесинде «Абат аўыл» бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылған жумыслар менен танысты.

Шөлде жайласқан бул район узақ жыллар итибардан шетте қалып кеткен еди. Инфраструктуралық объектлер гөнерип, адамлардың турмысында қыйыншылықлар жүзеге келген еди.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен «Абат аўыл» бағдарламасы қабыл етилгеннен соң, көплеген аймақлар сыяқлы Ғалаба мәҳәллеси де шын мәниде абат болды. Жаңа турақ жайлар, социаллық объектлер қурылды, жолдың бойлары ҳәм майданлар абаданластырылды. Бүгин бул жерлер жаңаша көриниске ийе.

Президентимиз аймақтағы «Мырзашөл тигиўшилик комплекси» жуўапкершилиги шекленген жәмийетте болды.

Мәҳәлле аймағында бағдарлама шеңберинде бурынғы пахта тазалаў кәрханасының бос турған имараты реконструкцияланып, бул жойбарды әмелге асырыў ушын 3 миллиард сумлық қурылыс, оңлаў ҳәм үскенелеў жумыслары орынланды.

Ески үйлерден заманагөй жайларға көшип өткен шаңарақлардың үй бийкелери ҳәм кәсип-өнер колледжлерин тамамлаған қызлар «Тадбиркор аёл» ассоциациясының жәрдеминде тигиўшилик кәсибине қайта таярланып, жумыс пенен тәмийинленди.

Жәмәәт «Өзбекпахтасанаат» системасындағы ҳәм басқа кәрханаларға шәртнама тийкарында арнаўлы кийимлер тигип бермекте. Ҳәзирги ўақытта ер адамлар ҳәм ҳаял-қызлар ушын жинси гезлемесинен кийим-кеншек те тигилмекте.

Мырзашөлди және де абат етиўге байланыслы жумысларды буннан кейин де системалы даўам еттиремиз. Мақсетимиз адамларды разы етиў, оларға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў, деди Шавкат Мирзиёев.

Президентмиз Ғалаба мәҳәллеси Баракат көшесинде жасайтуғын Махсуд Мисировтың шаңарағында болды. Үй ийелерин таза жай менен қутлықлады. М.Мисировтың өмирлик жолдасы Маърифат Хайдарова ҳәм қызы Моҳинур Мелиқулова «Мырзашөл тигиўшилик комплекси»нде мийнет етеди. Олар жаратылған заманагөй шараятлар ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди.

Мәмлекетимиз басшысы Мырзашөл районындағы Өзбек-қазақ миллий мәдений орайының жумысы менен танысты.

Мырзашөлде жасап атырған қазақ миллетиндеги жерлеслеримиздиң үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин сақлаўы ҳәм раўажландырыўы ушын зәрүр шараят жаратылған. Атап айтқанда, бул жерде Қазақ миллий театры шөлкемлестирилген. Жақында театр имараты реконструкцияланып, көркем объектке айландырылды. Миллий саз-әсбаплары, қосық, аяқ ойын, сүўретлеў өнери сыяқлы дөгереклер жумыс алып бармақта.

Өзбек-қазақ миллий мәдений орайының шөлкемлестирилгени халықларымыз арасындағы дослықтың айқын көриниси болып табылады. Орайда мәдений байланысларды күшейтиў, жасларды интернационаллық дослық руўхында тәрбиялаўға айрықша итибар қаратылмақта.

Президент бул театрдың қайта тиклениўи ҳәм Өзбек-қазақ миллий    мәдений орайының шөлкемлестирилиўи туўысқан халықларымыздың аўызбиршилигинде айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Бул орын аймақтағы дөретиўшилик, ағартыўшылық шөлкемлерди, зыялыларды, жасларды ийгиликли мақсет жолында бирлестириўи зәрүрлигин атап өтти.

Өзбек ҳәм қазақ халықларының көркем өнеринен үлгилер атқарылды.

Шавкат Мирзиёев Мырзашөл районындағы «Бинафша» мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде жаратылған шараятлар менен танысты.

2018-жылы «Абат аўыл» бағдарламасы тийкарында ири оңланған бақша 280 орынға мөлшерленген. Бул жерде балалардың заманагөй тәлим-тәрбия алыўы ушын барлық шараят жаратылды. Оқыў бөлмелери балаларды мектепке таярлаўдағы  ең алдынғы методикалар тийкарында заманагөй инвентарьлар менен үскенеленген. Киши спорт ҳәм ойын майданшасы қурылған. Ҳәр қыйлы интерактив ойынлар, ақылды раўажландырыўға жәрдемлесетуғын ойыншықлар балаларда дәслепки билим ҳәм көнликпелерди қәлиплестириўге хызмет етеди.

Мектепке шекемги билимлендириў системасын раўажландырыў, перзентлеримизге жақсы тәрбия бериў турақлы итибарымызда болады. Бақшаға барған баланың денсаўлығы беккем, дүнья таныўы кең, өзине исеними жоқары болады, деди Шавкат Мирзиёев.

Президентимиз бул бағдардағы жумысларды избе-из даўам еттириў, мәмлекетлик ҳәм жеке меншик бақшалар шөлкемлестириў арқалы балаларды қамтыўды көбейтиў, соның менен бирге, тәлим-тәрбияның сапасын арттырыў зәрүрлигин атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы Мырзашөл районындағы көп тармақлы орайлық поликлиника менен танысты.

Бул медицина мәкемеси елимизде үлгили көп тармақлы орайлық поликлиника сыпатында жумыс баслағанын айтыў керек.

1976-жылы қурылған бул поликлиниканың имараты усы күнге шекем ири оңланбаған еди. «Абат аўыл» бағдарламасы тийкарында мәкеме ушын жаңа имарат қурылды. 250 қатнаўға мөлшерленген поликлиникада 100 ден аслам жумыс орны жаратылды.

Заманагөй медициналық үскенелер менен тәмийинленген поликлиникада хирург, педиатр, УДТ шыпакери, стоматолог, терапевт, ЛОР, офтальмолог, травматолог, невропатолог, психиатр сыяқлы қәнигеликлер халыққа медициналық жәрдем көрсетеди.

Көп тармақлы орайлық поликлиника «Саламатлық-3» жойбары шеңберинде велоэргометр, гастрофиброскоп, цифрлы рентген, УДТ аппараты, биохимиялық анализатор, автоклаф, центрафуга, ЭКГ, стоматологиялық комплект, аудометр, автарефроктометр сыяқлы медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинленген.

Жаңа имаратта халыққа және де қолайлылық жаратыў мақсетинде электрон дизимге алыў системасы енгизилди. Ҳаял-қызлар мәсләҳәтханасы, күндизги стационар, социаллық дәрихана жумысы жолға қойылды.

Президентимиз поликлиникадағы шараятлар менен танысып, халықты кеселликлер профилактикасы менен толық қамтып алыў, адамлар басқа жерге даўа излеп барып әўере болмаўы кереклиги атап өтилди. Халыққа сапалы медициналық хызмет көрсетиў, шыпакерлердиң қәнигелигин арттырыў бойынша зәрүр усыныслар берди.

Мәмлекетимиз басшысы жаңадан қурылған Мырзашөл районы Мәмлекетлик хызметлер орайында болды.

Буннан тоғыз ай бурын бул орайдың орны тасланды жер болған, өткен қысқа ўақытта заманагөй орайдың имараты бой тикледи, қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларына 5 миллиард 740 миллион сум қаржы жумсалды.

Орай бир күнде 200-250 қарыйдарға хызмет көрсетиў имканиятына ийе. Енди бул жерде исбилерменлерди дизимге алыў, нотариус, ПҲАЖ бөлими, паспорт бериў ҳәм алмастырыў сыяқлы 103 хызмет түри көрсетиледи. Сондай-ақ, орайда китапхана, некеден өтиўшилер ушын салтанатлар залы, инвесторлар бөлмеси шөлкемлестирилген, буннан тысқары, айдаўшылық гүўалығын рәсмийлестириў ушын ең соңғы үскенелер менен тәмийинленген.

«Пуқаралар емес, ҳүжжетлер ҳәрекетленеди» принципине муўапық, жаңа система Президентимиздиң «Халық мәмлекетлик уйымларға емес – мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек», деген ийгиликли идеяны сөзсиз әмелге асырыўға хызмет етпекте.

Мәмлекетлик хызметлер жумысының жолға қойылыўы пуқаралардың ҳәм ўақтын, ҳәм қаржысын үнемлеўге хызмет етеди. Халық тәрепинен берилип атырған ҳәр бир мүрәжат итибарда болады, деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы «Мирзашөл текст» ЖШЖ жумысы менен танысты.

Кәрхананың жумысы үш басқышлы жойбар тийкарында жолға қойылады. Биринши басқыш 2018-жыл декабрь айында иске түсирилген. Қытай, Түркиядан 100 дана тигиў үскенеси алып келинип орнатылды. Ҳәзирги ўақытта бул жерде импорт орнын басатуғын экспортқа қолайлы өнимлер, соның ишинде, жинси шалбарлар тигилмекте. 70 тен аслам ҳаял-қыз жумыс пенен тәмийинленген.

Жойбардың 2-басқышында  жинси гезлеме тоқыў жолға қойылады ҳәм 240 жумыс орны жаратылады. 3-басқышта ийирилген жип ийириў әмелияты иске түсириледи. 2021-жылға шекем кәрхана толық қуўатлылық пенен ислесиўи күтилмекте. Бул районда 800 ге шамалас жумыс орнын жаратыў имканиятын береди.

Шавкат Мирзиёев кәрхананаың жумысына байланыслы зәрүр көрсетпелерди берди. Ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеўге турақлы итибар қаратыў зәрүрлигин атап өтти.

Усы жердиң өзинде ўәлаятты социаллық-экономикалық раўажландырыў жойбарлары менен таныстырыў болып өтти. Атап айтқанда, мәмлекетимиздиң Россия Федерациясы, Франция ҳәм Беларусь республикаларындағы елшиханалары тәрепинен ўәлаятқа тартылған инвестициялар менен таныстырыў өткерилди, сондай-ақ, Қубла Корея, Түркия, Ҳиндистан, Қытай сыяқлы мәмлекетлерден келген инвесторлар өз жойбарлары ҳаққында мәмлекетимиз басшысына айтып берди.

Таныстырыўда Россиялы инвесторлар жақтыландырыў үскенелерин, автомобиль аўысық бөлеклерин ислеп шығарыўға, аўыл хожалығына заманагөй технологияларды енгизиўге, франциялы исбилерменлер болса архитектура айналарын ислеп шығарыўға, мийўени қайта ислеўге қызығыўшылық билдирмекте. Сондай-ақ, Францияға әнар, қаўын, боян тамырын экспорт етиў режелестирилген.

Президентимиздиң Жиззақ ўәлаятына сапары даўам етпекте.

Ўмар АСРОРОВ,

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Улуғбек АСРОРОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршылары