USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сəршемби, 24 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ИСЛАМ КӘРИМОВ ХАЛҚЫМЫЗДЫҢ ЯДЫНДА МӘҢГИ ЖАСАЙДЫ

Елимизде Өзбекстан Республикасының Биринши Президенти Ислам Кәримовтың туўылған күни мүнәсибети менен еслеў илажлары өткерилди.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев 30-январь күни Ташкент қаласындағы Ислам Кәримов атындағы илимий-ағартыўшылық естелик комплексине барып, Биринши Президентимиздиң естелигине гүл қойды.

Ислам Кәримов ғәрезсиз Өзбекстан мәмлекетиниң тийкарын салыўшы, уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер, өзбек халқының уллы ҳәм қәдирли перзенти еди. Ол мәмлекетимизди тоталитар дүзимнен азат етип, жар жағасына келип қалған мәмлекетти қайта тикледи. Аўыр қыйыншылықлар менен сынақларға қарамастан, тарийх ушын қысқа дәўирде елимизде тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеп, мәмлекетимизди избе-из раўажланып атырған заманагөй демократиялық мәмлекетке айландырды.

Биринши Президентимиз өзиниң көп қырлы сиясий жумысы, уллы инсаныйлық пәзийлетлери менен Ўатанымыздың тарийхында өшпес из қалдырды. Тек ғана Өзбекстанда емес, ал дүнья жүзинде үлкен ҳүрмет ҳәм абырай-итибарға ийе болды.

Мәмлекетимизде Ислам Кәримовтың естелигине ҳүрмет-иззет көрсетилмекте. Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 25-январьдағы «Өзбекстан Республикасының Биринши Президенти Ислам Әбдиғаниевич Кәримовтың естелигин мәңгилестириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық, бул бағдарда кең көлемли илажлар әмелге асырылды. Ислам Кәримов атындағы Республикалық қайырқомлық жәмийетлик қоры дүзилди. Ташкент мәмлекетлик техника университети, Асака қаласындағы автомобиль заводы, Ферғана қаласындағы Көркем өнер сарайы, Ташкент халықаралық аэропорты, Ташкент қаласы, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар орайларындағы көшелерге Ислам Кәримовтың исми берилди. Ташкент, Самарқанд ҳәм Қаршы қалаларында уллы Жолбасшымыздың естиликлери орнатылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 27-ноябрьдеги қарарына тийкарланып 2018-жылы уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер Ислам Кәримов туўылғанының 80 жыллығы елимизде кеңнен белгиленди.

Биринши Президентимиз жерленген Самарқанд қаласындағы Ҳәзирети Ҳизр комплексиниң жанында саўлатлы мавзолей қурылды. Бул естелик ўатанласларымыздың қәдеми үзилмейтуғын муқаддес зыярат орнына, жаслар ушын тәрбия орнына айланды.

Президент Шавкат Мирзиёев усы күни Самарқанд қаласына да барып, бул мавзолейди зыярат етти. Қуран оқылды.

Мәмлекетимиз басшысы естелик комплексин сақлаў, әтирапын абаданластырыў, зыяратшыларға қосымша қолайлылық жаратыў зәрүрлигин атап өтти.

Буннан соң Самарқанд қаласындағы Форумлар комплексинде ас берилди. Оған мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, нураныйлар, зыялылар, жаслар қатнасты.

Самарқанд Ислам Кәримовтың өмири ҳәм мийнет жолында айрықша орын ийелейди. Биринши Президентимиз әййемги қалада туўылған, оның ҳәр тәреплеме раўажланыўына үлкен итибар қаратқан. Сақыпқыран Әмир Темур туўылғанының 660 жыллығы, Мырза Улығбек туўылғанының 600 жыллығы мүнәсибети менен 2007-жылы ЮНЕСКОниң қәўинедерлигинде Самарқанд қаласының 2750 жыллығы кеңнен белгиленген. Имам Бухарий, Баҳауиддин Марғиноний, Абу Мансур Мотуридий мавзолейлери, Шоҳи Зинда естелиги, Улығбек обсерваториясы ҳәм басқа да тарийхый зыярат орынлары абат етилген. Онлаған заманагөй имаратлар, қыябанлар, фонтанлар қурылған.

Соңғы жылларда Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң айрықша итибары менен қурылған Ислам Кәримовтың мавзолейи ҳәм естелиги Самарқандтағы әне усы абат орынлардың қатарына қутлы зыярат орны болып қосылды.

Усы күни Самарқанд ўәлаяты жәмийетшилиги  Регистан майданы жақынында орнатылған Ислам Кәримовтың естелигине гүллер қойды.

Қаршы қаласында да уллы Жолбасшымыздың естелиги гүллерге бүркенди.

Мәмлекетимиздиң барлық аймақларында Биринши Президентимиздиң туўылған күнине бағышланған мәдений-ағартыўшылық илажлар, еслеў кешелери өткерилди.

ӨзА