Пайтахтымызда Өзбекстан Республикасы Финанс министрлиги жанындағы Мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў агентлиги Халықаралық финанс корпорациясы (IFC)  ҳәм Швейцарияның мәмлекетимиздеги елшиханасы менен биргеликте семинар өткерди.

Системалы тәризде өткерилип атырған бул ретки илажда денсаўлықты сақлаў тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыўдың өзине тән мәселелери додаланды.

Онда шығып сөйлегенлер мәмлекетлик-жеке меншик шериклик узақ мүддетли өз-ара бирге ислесиўге тийкарланған жәмийет инфраструктурасын раўажландырыў усылларынан бири болып есапланатуғыны атап өтилди. Бунда жеке меншик сектор ўәкиллери тек ғана инфраструктура объектин жойбарластырыў, қаржыландырыў, қурылыс, реконструкциялаў емес, ал оннан келешекте пайдаланыў ҳәм техникалық хызмет көрсетиўде де қатнасатуғынын атап өтти.

Келешекте мәмлекетлик-жеке меншик шериклиги бир қатар тараўларда енгизилиўи мөлшерленбекте. Илим, техника ҳәм инновациялар, медицина, билимлендириў, транспорт хызметлери, жол секторы, энергияның қайта тиклениўши дәреклери усылардын қатарына киреди.

– Өзбекстан денсаўлықты сақлаў системасында жети жыл жумыс ислегенмен, – дейди Жәхән банкиниң социаллық жойбарлар басшысы Сусанна Айрапетян. – Сол себепли мәмлекетлик-жеке меншик шериклиги бул тараўда жүдә керек, деген пикирдемен. Өткен әсирде жуқпалы кеселликлер көп болғанлығы бақланған болса, ҳәзирги ўақытта созылмалы кеселликлер ҳәўиж алмақта. Сондай-ақ, туўылыў саны көбейиўи ҳәм медицина системасында баҳаның көтерилиўи себепли бул системаны басқарыў түрли қыйыншылықларды келтирип шығарады. Бул процессте мәмлекетлик-жеке меншик шерикликтиң пайдасы тийеди. Усы мәнисте Өзбекстан менен бирге ислесиўге, жойбарларды әмелге асырыўға таярмыз.

– Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформаларда мәмлекетлик-жеке меншик шерикликтиң орны ҳәм әҳмийети артып бармақта, – дейди Халықаралық финанс корпорациясының Өзбекстандағы ўәкилханасының басшысы Зафар Ҳошимов. – Ҳәзирги ўақытта бирге ислесиў шеңберинде бир неше бағдарда жумыс алып барып атырмыз. Наўайы ўәлаятында қуяш электр станцияларын басқарыўда бул тәжирийбе енгизилмекте. Усы жылдың ортасына шекем болса гемодиализ системасына инвестиция тартыўды режелестирип атырмыз.

Семинарда бул бойынша Түркия, Қырғызстан, Грузия тәжирийбеси хаққында сөз етилди.

Семинарда Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.Абдуҳакимов шығып сөйледи.

Саёра ШОЕВА,

ӨзАның хабаршысы