Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутатлары өзи сайланған аймақларда халық пенен пикирлесиў, олардың мүрәжатларын тыңлаў мақсетинде орынларда ушырасыўлар   өткерип келмекте.

Мине, усындай ушырасыўлардың бири Қанлыкөл районындағы «Наўрыз» аўыл пуқаралар  жыйынында өткерилип, онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Зафар Ханиязов район ҳәкимлиги, тийисли тараў ўәкиллери ҳәм район халқы  менен ушырасты.

Ушырасыўда тийкарынан Президентимиздиң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатының әҳмийети, 2018-жыл барлық тараўларда әмелге асырылған жумыслар ҳәм 2019-жылғы Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпалар бойынша кең түрде мағлыўмат берип өтти.

Буннан соң сайлаўшылардың машқалалары тыңланды.  “Наўрыз” аўыл пуқаралар жыйынынан исбилермен О.Бекниязов жеке меншик шериклик тийкарында шөлкемлестирилип атырған “Нәўше гүллери” мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң бүгинги күнде 45 процент қурылыс жумыслары өз есабынан әмелге асырылғанлығы, қалғаны банк кредитлери тийкарында әмелге асырылыўы режелестирилгенилигин, бирақ, тилекке қарсы ҳәзирде кредит алыўда бир қатар машқалалардың ушырасып атырғанлығы себепли жумыс тоқтап қалғанлығын атап өтти ҳәм усы мүрәжатын шешиўде әмелий жәрдем бериўин сорады.

Бул мәселени депутат тийисли министрликлер менен биргеликте шешимин таўып бериўге ҳәм қадағалаўына алатуғынлығын айтып өтти.

Буннан соң депутат Қоңырат районында болып, райондағы мәденият ҳәм халықтың дем алыў орайында халық пенен ушырасты.

Бул жерде сайлаўшылардың машқала ҳәм усыныслары тыңланды. Халық пенен жүзбе-жүз сөйлесиўлер ўақтында мүрәжатлардың басым көпшилиги жумыссызлық мәселеси екенлиги анықланды.

Көтерилген машқалаларда асфальт жоллардың оңланыўы, турақ жайлардың кадастр ҳүжжетлери ҳәм басқа да социаллық тараўлар бойынша мүрәжатлар тыңланды.

Сол күнниң өзинде депутат райондағы “Қоңыратсода заводы” кәрханасында да болып, халық пенен сәўбетлести. 10 мүрәжат тыңланып, айырымлары сол жердиң өзинде шешилди.

Ушырасыў даўамында жоқарыда пуқаралар тәрепинен көтерилген машқалалар  бирге ислеўши шөлкемлер менен биргеликте қадағалаўға алынып, тез күнде өз шешимин табатуғынын билдирди.

Сондай-ақ, O’zLiDePке жаңадан ағза болған жасларға гуўалықлар ҳәм партияның идеялық мақсет ҳәм ўазыйпаларын үгит-нәсиятлаўшы белсенди кеңесгөйлерине Ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы