Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында жаслар арасында ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыўға бағдарланған ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўға Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы командириниң орынбасары, полковник Ш.Шакиров, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы С.Турманов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң биринши орынбасары Ш.Аюбов, Арқа-батыс әскерий округы командириниң тәрбия ҳәм идеология мәселелери бойынша орынбасары Д.Исроилов, пайтахтымыздағы Имәм ийшан Муҳаммед жәмәәтлик мешити имәм орынбасары Ж.Искендеров, тийисли тараў хызметкерлери ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Ушырасыў Өзбекстанда жаслар арасында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўда Миллий гвардия тәрепинен алып барылып атырған жумыслар көрсетилген видеоролик пенен басланды.

Илажда сөзге шыққан тараў ўәкиллери елимизде жаслар тәрбиясына мәмлекетлик итибардың күшли екенлиги, жаратылған шараятлар ҳаққында еле де көбирек мағлыўматлар берип, ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың ақыбетлери ҳаққында айтып өтти.

Атап өтилгениндей, Миллий гвардия – арнаўлы әскерий бөлим болып, оның жумысы жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин жүзеге шығарыў, халықты ҳәр қыйлы террористлик қәўиплерден, жынаят ҳәм басқа нызамсыз ҳәрекетлерден қорғаўға бағдарланған.

Ҳәзирги ўақытта қалалар ҳәм аймақларда қәўипсиз аймақ жойбарын әмелге асырыў, жәмийетлик тәртипти сақлаў мақсетинде Ишки ислер министрлиги менен бирге Миллий гвардия жуўапкер етип белгиленген.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы командириниң орынбасары, полковник Ш.Шакиров институттың бир топар белсенди студентлерине Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясының ҳүрмет жарлықларын тапсырды.

Илаж жаслар менен ашық сәўбетлесиў ҳәм сораў-жуўаплар менен даўам етти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.