2019-жыл 28-январь күни намәлим шахс Нөкис қаласында жайласқан «Атияж» рестораны алдында пуқара М.С. басқарыўындағы, қараўсыз қалдырылған «Нексия» маркалы автомашинаны айдап, қашып кеткен. Бул ҳаққында ӨзР ИИМ Жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен байланыслар басқармасы хабар берди.

Көрилген шаралар нәтийжесинде бул жынаятты Нөкис қаласы Академик көшесинде жасайтуғын Б.К. әмелге асырғаны анықланып, усланған. Автомашина Нөкис қаласы Өзбекстан көшесинде жайласқан көпир астынан, бетон тосыққа урылған ҳалда табылған.

Жүз берген жағдай бойынша жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги