Қарақалпақстан Республикасында 2018-жылдың январь-декабрь айларында 40,1 мың тири туўылған бала дизимге алынған, қайтыс болғанлардың саны 8,6 мыңды қураған. Бунда тәбийғый өсиў дәрежеси 31,5 мың адамды қурады. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы статистикалық басқармасы хабар берди.

Мағлыўматта көрсетип өтилиўинше, көрсетилген дәўирде Қарақалпақстанға 10,8 мың адам көшип келген болса, 15,0 мың адам көшип кеткен. Бунда механикалық өсиў (анықлаў айтқанда кемейиў) -4,2 мыңды қурады.

Демек, тәбийғый өсиў ҳәм механикалық өсиўди қосып есаплағанда 2018-жылдың январь-декабрь айларында Қарақалпақстан халқы 27,4 мың адамға көбейген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.