Қарақалпақстан Республикасының турақлы халқының саны 2019-жыл 1-январь жағдайына муўапық 1869,7 мың адамды қураған болып, 2018-жылдың январь-декабрь айларында 27,4 мың адамға ямаса 1,5% ке көбейген. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы статистикалық басқармасы хабар берди.

Соның ишинде қалаларда жасайтуғын халықтың саны 917,5 мың адамды (улыўма халықтың 49,1% ин), аўыл халқының саны 952,2 мың адамды (улыўма халықтың 50,9% ин) қураған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.