2018-жыл июль айында биринши мәрте Өзбекстандағы жоқары оқыў орынларының рейтинги дүзилген еди. Ҳәзирги ўақытта бул процестиң логикалық даўамы сыпатында рейтинг системасы улыўма билим бериў мектеплеринде де өткерилиўи жобаластырылмақта. Бул ҳаққында ӨзА хабар берди.

Хабарда жазылыўынша, 2018-жыл 29-декабрьде Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў бойынша мәмлекетлик инспекциясы ҳәм Халық билимлендириў министрлигиниң «Улыўма билим бериў мәкемелери жумысларының нәтийжелилигин баҳалаў критерияларын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қоспа қарарға қол қойылды.

Усы қоспа қарар тийкарында «Улыўма билим бериў мәкемелери жумысларының нәтийжелилигин баҳалаў критериялары» тастыйықланып, бул ҳүжжетке муўапық улыўма билим бериў мектеплериниң жумысларын баҳалаў төмендеги 4 көрсеткиш бойынша әмелге асырылыўы белгиленди:

  1. Питкериўшилердиң улыўма билим бериў пәнлери бойынша таярлық дәрежеси ҳәм сапалылық көрсеткиши;
  2. 9-класс оқыўшыларының билим дәрежесиниң көрсеткиши;
  3. Жоқары ҳәм биринши категориялы муғаллимлердиң үлеси;
  4. Социаллық сораў нәтийжелери.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги