Усы жыл 30-январь күни Арқа-Батыс әскерий округиниң Нөкис гарнизонында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер уйымларының қәнигелестирилген оқыў-әмелий курсының дәслепки питкериўшилерине сертификатлар тапсырылды.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери атқарылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Арқа-Батыс әскерий округиниң сәркардасы, полковник Ф.Ортиқов, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары Р.Хатамов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирханов, питкериўшилер атынан, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң жетекши қәнигеси Ш.Мадраимов шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында елимиз тынышлығын ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, жынаятшылықтың алдын алыў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларға тоқтап өтти. Соның ишинде, «Қәўипсиз қала», «Қәўипсиз туризм», «Қәўипсиз шаңарақ» сыяқлы концепциялардың енгизилиўи халқымыз арасында тынышлық-татыўлықты беккемлеў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм жынаятшылықтың ерте алдын алыўда унамлы нәтийжесин бермекте.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 4-декабрьдеги «Қарақалпақстан Республикасында жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы системасының нәтийжелилигин арттырыў бойынша илажлар ҳаққында»ғы  бийлигине тийкарланып усы жылдың 15-30-январь күнлери аралығында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң 8 тараўлық хызметинен 100 хызметкер (офицерлер бир, сержантлар ҳәм қатардағылар үш топарда) тастыйықланған 94 саатлық оқыў бағдарламасы тийкарында қәнигелестирилген  таярлықтан өтип, сертификат алыўға миясар болды.

Оқыў шынығыўлары Ишки ислер ҳәм Қорғаныў министрликлери, Миллий гвардияның қәнигелери, сондай-ақ, ИИМ ҳәм Қураллы Күшлер Академияларының профессор-оқытыўшылары тәрепинен аралық билимлендириў системасын қолланған ҳалда, инновациялық, педагогикалық методикалардан пайдаланған ҳалда өткерилди. Оқыў процесинде тыңлаўшылардың руўхый-ўатансүйиўшилик, жаўынгерлик ҳәм физикалық таярлық дәрежесин арттырыў, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы  бойынша күнлик теориялық және әмелий оқыў шынығыўлары өткерилди. Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги ҳәм Миллий гвардияның әскерий бөлимлери менен биргеликте хызметти өтеў әмелияты үйлестирилип, халықты руўхый-ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў бойынша алдыңғы ис тәжирийбелерди алмасыў тийкарында әмелге асырылды.

Оқыў дәўиринде күнниң биринши ярымында теориялық және әмелий оқыў шынығыўлары өткерилген болса, күнниң екинши ярымында тыңлаўшылар Нөкис қаласының крименоген аймақларында Миллий гвардияның хызметкерлери менен биргеликте хызметин атқарыўы шөлкемлестирилди. Соны айрықша атап өтиў керек, хызмет алып барылған аймақларда көрсетилген нәтийжелер таллап көрилгенде, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы, сондай-ақ, руўхый-ағартыўшылық илажлар, профилактикалық сәўбетлесиўлер өткерилиўи нәтийжесинде ҳуқықбузарлықлардың сезилерли дәрежеде азайыўына ерисилди.

Оқыў курслары даўамында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Арқа-батыс әскерий округи, Миллий гвардияның Арқа-батыс тактикалық топарлары тәрепинен мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелерине барыў, дөретиўши инсанлар менен ушырасыўлар, мәдений дем алыў илажларын шөлкемлестириў, әскерий хызметкерлер, Ишки ислер министрлиги ҳәм Миллий гвардия хызметкерлери арасында «Жәмәәтке өзимди таныстыраман» атамасында дөгерек сәўбетлери, «Биз жынаятшылыққа қарсымыз» атамасында спорт жарыслары өткерилип барылды.

Ишки ислер уйымларының хызметкерлерин беккем исеним, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға шексиз ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, жеке қурамның руўхый әдеп-икрамлылық потенциалын, жаўынгерлик таярлығын арттырыў ҳәм хызмет интизамын беккемлеп барыў бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болып табылады. Соның менен бирге, Ишки ислер уйымлары системасын халқымыздың тыныш ҳәм татыў турмысын қорғаўға беккем бел байлаған мәрт ҳәм пидайы, жетик қәнигелер менен толықтырып барыўымыз тийис. Президентимиздиң «Елимиздиң тынышлығын көздиң қарашығындай сақлаў тек армиямыздың ғана емес, ал бәршемиздиң муқаддес миннетимиз болып табылады» –деген сөзи жасларымызға билдирилген жоқары исенимниң үлгиси болып, ҳақыйқатында да, «Халық мәплерине хызмет етиў» ҳәр бир хызметкердиң тийкарғы хызмет ўазыйпасына айланбақта. Солай екен, питкериўшилердиң қәнигелестирилген оқыў-әмелий курсларда алған пухта билими, тәжирийбе ҳәм көнликпелери алдағы ўақытлары жынаятшылықтың алдын алыў, халқымыздың тынышлығын сақлаў жолындағы жуўапкерли ўазыйпаларды толық атқарыўда өзиниң унамлы нәтийжесин берери сөзсиз.

 

-Оқыў бағдарламасында нәзерде тутылған барлық теориялық билим  және әмелий көнликпелерди белгиленген мүддет ишинде өзлестирип,  өзлеримиздиң ағартыўшылық-ҳуқықый ҳәм руўхый әдеп-икрамлылық дәрежемизди арттырдық,-дейди тыңлаўшы Шерзод Мадраимов.- Оқыўдан бос ўақытларымызда өзлеримизге бириктирилген аймақларда хызмет ўазыйпамызды алып бардық. Мақтаныш пенен айтыў мүмкин, булл аймақларда бир де жынаят есапқа алынбады. Питкериўшилер келешекте өзлерине билдирилген үлкен исенимди өзлериниң мүнәсип хызметлери менен ақлайды деген үмиттемен.

Илажда қәнигелестирилген оқыў-әмелий курсларында жоқары нәтийжелерге ерискен тыңлаўшыларға Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

Жыйналғанларға Ишки ислер министрлиги, Арқа-батыс әскерий округи, Миллий гвардия хызметкерлериниң көргизбели шығыўлары көрсетилди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.