Төрткүл районы ҳәкимлигинде сырт еллерде жумыс ислеп қайтқанлар менен «Жаслар- мүнәсип мийнет ҳәм интакерлик» атамасында «Ҳәким ҳәм жаслар» жойбары шеңберинде ушырасыў болды.

Илажды район ҳәкими Я.Бабаджанов басқарып барып, Президентимиздиң басшылығында жаслар арасында жумыссызлықты азайтыў, шаңарақлардың реал дәраматларын арттырыў, солай етип, халқымыздың турмыс шараятын жақсылаў бағдарында алып барылып атырған илажларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында жасларды мәмлекет тәрепинен социаллық қоллап-қуўатлаўды және де күшейтиў зәрүрлигине айрықша тоқтап өтти. Елимизде халқымыздың дерлик ярымын қурайтуғын жаслар менен ислесиў мәселеси буннан былай да ең тийкарғы ўазыйпаларымыздан бири болып қалады. Жасларды исбилерменликке кеңнен тартыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде  «Жаслар – келешегимиз» қорының жумысын және де кеңейтиў ўазыйпасы белгиленди.

Районда сырт еллерде жумыс ислеп қайтқан жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың машқалаларын үйрениў, қайта кәсипке таярлаў ҳәм қоллап-қуўатлаў бойынша айтарлықтай жумыслар алып барылмақта. Мәселен, өткен жылдың январь-март айларында усы мазмундағы ушырасыў райондағы «Өзбекстан», «Уллыбағ» ҳәм  «Ақбаслы» аўыл пуқаралар жыйынларында өткерилди.

Ушырасыўда районлық Ишки ислер бөлими баслығының орынбасары А.Пишиев, районлық Бәнтликке көмеклесиў орайының баслығы М.Бекчанов, Өзбекстан жас фермерлери Кеңеси Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы А.Алланиязовлар шығып сөйлеп, жаслар арасында жынаятшылықтың алдын алыў, сырт еллерде шәртнама тийкарында жумыс ислеўдиң тәртип-қағыйдалары, исбилерменлик ҳәм фермерлик пенен шуғылланыў тилегин билдирген жасларға жаратылған шараятлар ҳәм жеңилликлер бойынша кең түрде түсиник берилди.

Буннан кейин жаслар күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалалар, өзлерин ойландырып жүрген мәселелер бойынша   пикир-усынысларын билдирди. Олардан Ү.Олимбаев сырт еллердиң жоқары оқыў орынларына кириўге таярлық көриў ушын арнаўлы әдебиятлар менен тәмийинленген китапхана қурыў, «Наўрыз» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы У.Тажиев жумысқа орналасыў ҳәм арзанластырылған турақ жай алыў тәртиби бойынша сорады ҳәм бул сораўларға тийисли тараў басшылары тәрепинен жуўап берилди. Соның менен бирге, У.Кенжаев районлық Ишки ислер бөлими Қорғаў бөлимшесине ҳүжжетлерин тапсырып, усы күнге шекем жуўап ала алмай атырғанлығы, «Келтеминар» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы А.Гашбаев пиллешилик пенен шуғылланыў ушын жеңиллетилген кредит алыўда жәрдем бериўин, «Марказобод» мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Н.Аллақов пуқаралық паспортын алыўда жәрдем сорап, «Жамбасқала» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы Н.Тургалиев «Абат аўыл» бағдарламасы бойынша алып барылып атырған қурылыс жумысларына орналасыўда жәрдем сорап мүрәжат етти. Жаслардың бул мүрәжаты район ҳәкими, тийисли тараў басшылары тәрепинен үйренип шығылып, олардың бир қатары сол жердиң өзинде шешимин тапты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.