Бүгинги күнде көплеген пуқаралар жумыс ислеўши мәкемелериндеги бухгалтериялар арқалы өзлериниң қәлеўине бола айлық ис ҳақысының белгили бир муғдарын коммунал төлемлери ушын өткериўге келисим берген. Бирақ, айырым орынларда пуқаралардың коммунал төлемлери айлық ис ҳақыларынан ўақтында төленип киятырған болса да, сол хожалықтың есап бетине келип түспеген фактлери ушыраспақта. Әлбетте, бундай жағдайларда тутыныўшылар наразы болып, олардың ҳуқықларын қорғаўшы орынларға, әсиресе, тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлерине мүрәжат етпекте. Төменде усындай жүз берген жағдайлар бойынша ҚР Тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясының мағлыўматлары тийкарында мысалларды нәзериңизге усынамыз.

 

ЖУМЫС ОРНЫНА «КЕЛГЕН ҚАРЫЗДАРЛЫҚ» ТИЙКАРСЫЗ БОЛЫП ШЫҚТЫ

Жақында Әдебият АПЖ да жасаўшы пуқара Н.Уразбаевтың жумыс орнына Қарақалпақ электр тармақлары кәрханасының Қоңырат районлық филиалынан пайдаланылған электр энергиясы ушын қарыздарлығы бар екенлиги туўралы ескертиў хаты келген. Н.Уразбаев усы мәселе бойынша анықлық киргизиў ушын кәрхананың жуўапкер хызметкерлеринен түсиндирип бериўин сорағанында, олар «көрсетилген сумманы төлемегени ушын» жуўап бергиси келмейди. Бул жағдайдан наразы тутыныўшы Қоңырат районлық Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине мүрәжат етеди.

Жәмийет қәнигелери тәрепинен үйрениў жумыслары алып барылып, усы күнге шекемги әмелге асырылған төлемлер қайта есаплап шығылады. Нәтийжеде, тутыныўшының электр энергиядан қарызы жоқ екенлиги анықланады. Жәмийет ҳәрекети менен тутыныўшының пайдасына 29 мың 829 сум пул өзинде қалады.

***

АНЫҚ ЕМЕС ҚАРЫЗДАРЛЫҚҚА АНЫҚЛЫҚ КИРГИЗИЛДИ

У.Ишмуратов Қоңырат районы электр тармақлары кәрханасының қәнигелеринен наразы болып Қоңырат районлық Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине мүрәжат етеди. Онда жазылыўынша, электр энергиясы ушын тутыныўшы өз ис ҳақысынан ҳәр айда коммунал төлемлерин толық ҳәм өз ўақтында төлеп келген. Бирақ, бүгинги күнге келип электр тәмийнаты бойынша 551 мың 208 сум муғдарындағы қарыздарлық пайда болғаны оны таң қалдырады.

Жәмийет тәрепинен мурәжат үйренип шығылғанда, электр тармақлары кәрханасының хызметкерлериниң айыбы менен өз ўақтында төленген пуллар Қоңырат районы Электр тармақлары кәрханасының базасына киргизилмегенлиги мәлим болады.  Және У.Ишмуратов 13245 кВ саат ушын алдыннан төлеп қойған екен. Усыннан келип шығып, тутыныўшының еле пайдаланылмаған 3322 кВ саат муғдарындағы запастағы қоры барлығы да мәлим болады.

Наразылық мүрәжаты тутыныўшының пайдасына шешилип, қарыздарлық бийкар етилди.

***

НАДУРЫС МАҒЛЫЎМАТ КИРГИЗИЛГЕН ЕКЕН…

«Шимолгазтаъминот» унитар кәрханасы Қоңырат районлық филиалы хызметкерлеринен наразы болған пуқара З.Джарболова Қоңырат районлық Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине жазба түрде мүрәжат етеди.

Жәмийет тәрепинен оның арзасы үйренилгенинде газ тамийнаты хызметкерлери тәрепинен кәрхана базасына надурыс мағлыўмат киргизилгенлиги анықланды. Яғный, тутыныўшының газ есаплағышы 6894 метр кубти көрсетип турған болса, ал жуўапкер қәнигелер компьютер базасына 1132 метр куб, деп 278 мың 585,2 сумға алжасып киргизеди. Нәтийжеде З.Джарболова тәбийғый газ ушын 7873 метр кубқа артығы менен пул төлеп қойған болса да, оның жумыс орнына    382 мың 027,46 сум қарыздарлығы туўралы мағлыўматнама жиберилген екен.

Бул мәселеге анықлық киргизилгенинен соң надурыс киргизилген мағлыўмат ушын кәрхана хызметкерлери 105000 сум қаржыны З.Джарболованың есап бетине өткерип берди.

***

ЕКИ ЕСАП БЕТИ АШЫЛЫЎЫ НӘТИЙЖЕСИНДЕ ҚАРЫЗДАРЛЫҚ КЕЛИП ШЫҚҚАН

Беруний районы Азат АПЖ да жасаўшы пуқара Х.Муратова Беруний РЭТК хызметкерлеринен наразы болып арза менен мүрәжат етеди. Онда ол коммунал төлемлерин өз ўақтында әмелге асырып киятырғанына қарамастан Беруний районлық Мәжбүрий орынлаў бюросы тәрепинен электр энергиядан жәми 415150 сум қарыздарлығы көрсетилген талапнама келгенлигин көрсеткен.

Мүрәжатты үйрениў барысында тутыныўшының 286272 сум артықша төлеми бар екени анықланды ҳәм Беруний РЭТК компьютер базасынан усы пуқараға еки есап бети ашылғаны мәлим болды.

Сонлықтан, тутыныўшыға ашылған еки есап бетинен надурысы бийкар етилип, кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде Қарақалпақ аймақлық электр тәмийинлеў кәрханасы акционерлик жәмийетине ҳәм Беруний районлық электр тәмийнаты кәрханасына жәмийет тәрепинен хат арқалы мүрәжат етилип, надурыс есап бети бийкар етилди. Солай етип, жәми 415150 сумлық тийкарсыз қарыздарлық бийкарланды.

***

ЕСАПЛАҒЫШТЫ ТАМҒАЛАМАҒАНЫ УШЫН ЖӘРИЙМАНЫ ӨЗЛЕРИ ТӨЛЕДИ

Елликқала районы Бостан қаласы М.Юсупов көшесинде жасаўшы пуқара Ш.Мавлонова Елликқала районлық Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине жазған арзасында Мәжбүрий орынлаў бюросы Елликқала районлық бөлими хызметкерлери тәрепинен шаңарағының электр есаплағышы тамғаланбағанлығы себепли жәрийма жазылғанлығынан наразылығын билдиреди.

Наразылық себеби болса, жақында шаңараққа Елликқала районлық электр тармақлары кәрханасы хызметкери тәрепинен жаңа электр есаплағыш орнатылғаны, бирақ, ЭТК хызметкери электр есаплағышты тамғалаў түўе, шаңарақ ийесин бул туўралы ескертпеген де. Нәтийжеде 450 мың сум жәрийма салынған.

Усы мәселе жәмийет ҳәм Елликқала районлық ЭТК хызметкерлери қатнасында үйренип шығылды. Нәтийжеде тутыныўшының шаңарағына жазылған жәрийма кәрхана хызметкериниң жуўапкерсизлиги себепли келип шыққанлығы анықланып, жәрийманы қаплаў ушын Елликқала РЭТК нан жәми 450 мың сум өндирип алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

(материаллар ҚР Тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясының мағлыўматлары тийкарында таярланды)