Германияның Graess Energy компаниясы Өзбекстанда 10 мегаватт қуўатлылыққа ийе болған қуяш электростанциясын қурыўды баслады, деп хабар берди Daryo.uz Repost басылымына тийкарланып.

«Мойнақ-1» қуяш электростанциясының салтанатлы ашылыўы 2019-жыл октябрь айында болып өтиўи жобаластырылған.

Есаплаўларға қарағанда, бул 20 мегаватт қуўатлылыққа ийе болған жойбардың дәслепки фазасы болып, оны әмелге асырыў ушын 24 миллион АҚШ доллары талап етиледи.

Оған Германияның Siemens, Норвегияның REC ҳәм Қытайдың Suntech компаниялары үскенелерди жеткерип бериўи нәзерде тутылған.

2021-жылға шекем Өзбекстанда улыўмалық қуўатлылығы 500 мегаватт, сметалық қәрежети 1,1 миллиард АҚШ доллары болған 5 қуяшлы фотоэлектростанция қурылыўы жобаластырылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги