Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 29-январьдағы ПҚ-4139-санлы қарары тийкарында сиясаттаныў тараўы бойынша жоқары билим бериў қайтадан жолға қойылады. Бул ҳаққында ҳуқықтаныўшы Х.Худайбердиев өз Телеграм каналында мәлим етти.

Қарарға муўапық, Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университетинде быйылғы жылы төмендеги квоталар ажыратылады:

Бакалавр – «Сиясаттаныў» бағдары – 20 орын (соның 5 и мәмлекетлик грант);

Магистратура – «Әмелий сиясаттаныў» – 10 орын (соның 2 и мәмлекетлик грант).

Сондай-ақ, «Сиясаттаныў илимлери» тараўы бойынша докторантлар ушын да жәми 6 орын ажыратылады.

Жоқарыдағыларды есапқа ала отырып, Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университетинде «Сиясаттаныў» кафедрасы шөлкемлестириледи.

Мағлыўмат ушын, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри А.Ваҳобовтың 2015-жыл 24-августтағы 310-санлы буйрығы тийкарында жоқары билимлендириў системасында «Сиясаттаныў» пәни оқыў жобаларынан алып тасланған ҳәм бул кең жәмийетшилик арасында кең пикир-таласларға себепши болған еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги