Өзбекстан Республикасының Биринши Президенти Ислам Кәримов атындағы Илимий-ағартыўшылық естелик комплексинде Биринши Президентимиз Ислам Кәримовтың туўылғанының 81 жыллығына бағышланған салтанатлы кеше шөлкемлестирилди.

Ислам Кәримов атындағы Республикалық қайырқомлық жәмийетлик фонды менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, мийнет нуранийлери, мәнаўият үгит-нәсиятшылары, марҳумның дослары, шәкиртлери, дөретиўшилер, профессорлар, студент-жаслар, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қурлларынын хызметкерлери қатнасты.

Биринши Президентимиздиң өмирлик жолдасы Татьяна Кәримова ҳәм басқалар мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң Ислам Кәримов естлигин мәңгилестириўге қаратылған ҳәрекетлери ҳаққында сөз етти. Ислам Кәримовтың өмири ҳәм жумысы, жоқары инсаныйлық пазыйлетлери, кишипейиллиги, халқымыз мәпи жолында әмелге асырған уллы хызметлери ардақланды.

– Биринши Президентимиз Ислам Кәримовтың басламасы менен қайта тикленген тарийхый естеликлер, уллы ата-бабаларымыздың зыярат етиў орынлары ҳәм естеликлери, қурылған сарай ҳәм имаратлар мәмлекетимиздиң жоқары мәнаўияты, бай және бийтәкирар мәденият ғәзийнеси екенлигинен дәрек береди, – дейди естелик комплексиниң баслығы Ваҳоб Қўчқоров. – Ол пүткил өмирин Ўатанға ҳәм миллетке бағышлаған пидайы инсан еди. Пидайылығына бола, халықтын ядында өшпес из қалдырды.

Илаж даўамында жаңлаған қосықлар жыйналғанларға көтериңки кейпият бағышлады.

Гулноза БОБОЕВА,

ӨзАның хабаршысы