Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 29-январь күни валюта сиясаты ҳәм сыртқы саўда жумысы тараўын жетилистириў бойынша әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилигин таллаўға бағышланған мәжилис өткерди.

Мәжилисте атап өтилгениндей, экономиканың раўажланыўы ҳәм исбилерменлердиң жумысы ушын үлкен тосық болып келген валютаны еркин сатыў ҳәм алыў бойынша шеклеў ҳәм машқалалар  сапластырылды. Итибарлысы сонда, алдынғы жыллары экспорт түсими бойынша мәжбүрий сатыў талабы бир ўақыттың өзинде экспорттан түскен валюта түсимлериниң ишки базарға жумсалыўы 30 процентти қураған болса, бундай шеклеў және талаплар алып тасланғанынан кейин бул көрсеткиш 61 процентке жетти.

Соның нәтийжесинде шөлкемлер өзлери ушын әҳмийетли шийки зат ҳәм әсбап-үскенелерди сатып алыў, ағымдағы ҳәм инвестиция зәрүрлигин қаплаў имканиятына ийе болды, сондай-ақ, өткен жылы санаат көлеми 14,4 процент, экспорт түсими 19 процентке өсти ҳәм экспортёрлардың банклерге сатқан валютасының муғдары 1,9 есеге көтерилиўине ерисилди.

Бул болса, өз гезегинде, мәмлекетимиздиң экономикасына сырт ел инвестицияларын тартыў, бәсекиге шыдамлы өндирис кәрханаларын шөлкемлестириў, экспорт потенциалын арттырыўға хызмет етпекте.

Мәмлекетимиз басшысы 2018-жылы 28-декабрьде Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында валютаны еркинлестириў сиясатын избе-из даўам еттириў, турақлы монетар сиясатты әмелге асырыў экономика тараўындағы әҳмийетли ўазыйпалардан бири екенлигин атап өткен еди.

Мәжилисте усы бағдардағы ис-илажлар додаланды. Валюта резервлеримизден ақылға уғрас пайдаланыў, бул резервти басқарыўдың анық стратегиясын ислеп шығыў бойынша көрсетпелер берилди.

Сондай-ақ, алтын-валюта резервлериниң қурамын оптималластырыў, валюталарды сақлаўда халықаралық тәжирийбе тийкарында қымбат баҳалы қағазлар, соның ишинде, жоқары ликвидлик облигациялардан пайдаланыў зәрүрлигин атап өтти.

Валюта түсимлери ҳәм алтын-валюта резервлериниң көбейиўин тәмийинлеўде ең оптимал жол экспорт потенциалын арттырыў болып есапланады. Соның ушын усы жылғы экспорт прогнозлары өткен жыл менен салыстырғанда 1,3 есе көбирек етип белгиленген.

Бирақ, айырым хожалық жүргизиўши субъектлерде елеге шекем экспорт түсими бойынша мүддети өткен қарыздарлықлар бар екенлиги атап өтилди.

Министрлер Кабинети, Орайлық банк, Экономика ҳәм санаат министрлигине ҳәр бир ҳожалық бирлеспеси кесиминде экспорт бойынша мүддети өткен дебитор қарыздарлықты азайтыў бойынша анық илажлар ислеп шығып, орынланыўын тәмийинлеў ўазыйпасы жүкленди.

Халықаралық экспертлердин пикирине бола, экономика еркинлескен ҳәм инвестициялар жеделлескен шараятта сыртқы саўда айланысында өзгерислер болыўы тәбийғый жағдай.

Президент еркин сатып алынып атырған валюта экономикамыздың ертеңги раўажланыў мақсетлерине хызмет етиў кереклигин айрықша атап өтти.

Жергиликли ислеп шығарыўдың ишки ҳәм сыртқы базарларда бәсекиге шыдамлылығын арттырыў мақсетинде инвестиция характерине ийе болған технология, әсбап-үскене, шийки зат ҳәм материалларды сатып алыўда хожалық жүргизиўши субъектлер ҳәм кәрханалардың валютасын нәтийжели бағдарлаў әҳмийетли екенлиги көрсетип өтилди. Мәмлекетлик үлеске ийе кәрханаларда импорттың орнын басатуғын ҳәм локализацияланған өнимлерди ислеп шығарыўды көбейтиў бойынша илажларды белгилеў кереклиги атап өтилди.

Сондай-ақ, жаңа бажыхана тарифлерин жергиликли өндириске тәсирин үйренип, әмелдеги тарифлерди буннан былай да жетилистириў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилисте жетекши кәрханалар ҳәм шөлкемлер бойынша экспорт түсимлери сын көзқараста талқыланып, бул бойынша кемшиликлер көрсетип өтилди. Мәмлекетлик экспорт потенциалын арттырыў, соның ишинде, жетекши экспортёр кәрханалардың экспорт түсимлерин көбейтиў бойынша ўазыйпалар белгилеп берилди. Бул бойынша салыстырмалы үстинликке ийе болған тараўларды анықлап алыў ҳәм оларды раўажландырыў бойынша концепция ҳәм жол карталарын ислеп шығыў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкер қәнигелердиң мәлимлемеси тыңланды.

ӨзА