Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде «Бүгинги Арал теңизиниң қурыған ултанында экологиялық жағдайды жумсартыў ҳәм Мойнақ районын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша алып барылып атырған жумыслардың мазмун-мәниси» атамасында баспасөз конференциясы болып өтти.

Илажда Мойнақ районы ҳәкиминиң биринши орынбасары А.Қурбаниязов, Халықаралық Аралды қутқарыў қоры «GEF» агентлигиниң баслығы В.Соколов, Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасының баслығы Б.Оразбаев, Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң бөлим баслығы Б.Ибрагимов шығып сөйлеп, Арал теңизиниң қурыған ултанында экологиялық жағдайды жумсартыў, Мойнақ районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў бойынша алып барылып кең көлемли жумысларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат  Мирзиёевтиң тиккелей басламасы менен Арал апатшылығы ақыбетлерин сапластырыў, аймақта жасап атырған халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша айтарлықтай илажлар әмелге асырылмақта. Мәмлекетимиз басшысының Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас ассамблеясының 72-сессиясында шығып сөйлеген сөзинде жәҳән жәмийетшилигиниң итибарын Арал апатшылығына қаратыўы, 2018-жыл 24-август күни Түркменбашы қаласында болып өткен Аралды қутқарыў халықаралық қорын шөлкемлестириўши мәмлекетлер басшылары кеңесиниң мәжилисинде Аралбойы аймағын Экологиялық инновация ҳәм технологиялар зонасы, деп жәриялаўы, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминде Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарында Траст фондының шөлкемлестирилиўи усы аймақ халқына деген айрықша итибар және ғамқорлық болып табылады.

Президентимиз 2018-жылдың 15-16-ноябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары ўақтында 2019-2021-жылларда Арал теңизиниң қурыған ултанында 500 мың гектар майданға шөлге шыдамлы өсимликлер егиў, солай етип, бул жерден көтерилетуғын шаң-тозаңның алдын алыў, аймақта шарўашылықты ҳәм басқа да тараўларды раўажландырыў ўазыйпасын белгилеп берген еди. Бул ийгиликли жумысларға республикамыздан, соның менен бирге елимиздиң барлық ўәлаятларынан келген көмекшилер қатнаспақта. Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасынан алынған мағлыўматқа қарағанда, бүгинги күнге жәми 471985 гектар жер майданы егиске таярланып, соннан 171657 гектарына  сексеўил егилди. Буннан тысқары, АН-2 самолётының жәрдеминде 106400 гектарға сексеўил туқымы себилди. Усы күнге шекем Наўайы, Бухара, Қашқадәрья ўәлаятларынан ҳәм республикамыздан 822000 килограмм сексеўил туқымы таярланды. Соннан жергиликли халық тәрепинен 215000 килограмм туқым таярланып, оларға 1 миллиард 415 миллион сум төленди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 16-январьдағы «Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары бойынша улыўма баҳасы 26,9 триллион сумлық 75 жойбарды әмелге асырыў режелестирилген. Жақында ғана, районда көп қабатлы турақ жайлардың, «Ҳәсиретли ана» естелик монументиниң, мийманхана, жабық суў бассейни, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби, балалар дем алыў орайы ҳәм Өзбекстанда биринши заманагөй қуяш фотоэлектр станциясы қурылысларының тырнағы қаланды. Районнан дерлик 200 километр алыста, Аралдың қурыған ултанынан жер асты душшы суўының шығыўы халқымызды айрықша қуўанышқа бөлемекте. Қәнигелердиң атап өткениндей, жақын күнлерде 50 орында геологиялық излеў жумысларын алып барыў режелестирилген.

–Бул илаж Өзбекстан Республикасының «Мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығы ҳаққында»ғы Нызамы ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 15-февральдағы «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымларының мәлимлеме хызметлери жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, быйылғы жылдың биринши ярым жыллығы ушын тастыйықланған бағдарлама тийкарында өткерилмекте,–дейди Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының баспасөз хаткери Ч.Елмуратов. –Алдағы ўақытлары ҳәр бир тараўды раўажландырыў бойынша қабыл етилген пәрман және қарарлардың орынланыў барысын кең жәмийетшиликке жеткериў мақсетинде усындай баспасөз конференциясын турақлы өткерип барыў режелестирилген.

Илажда журналистлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери.