Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жәмийетте ҳуқуқый сана ҳәм ҳуқуқый мәдениятты арттырыў системасын түп тийкарынан жетилистириў ҳаққында»ғы пәрманында ҳуқуқый үгит-нәсиятлаўдың  инновациялық усылларын енгизиў бойынша ўазыйпалар белгилеп берилген, деп хабар береди kun.uz.

Онда, Өзбекстан Республикасының Миллий ҳуқуқый интернет порталы, түрли турмыслық жағдайлар  бойынша ҳуқуқый шешим усыныс етилетуғын ҳәм мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң электрон сиситемасы менен байланыс Advice.uz ҳуқуқый мәлимлеме системасын шөлкемлестириў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, интернеттеги социаллық тармақларда (Facebook, Telegram, Twitter, Youtube, Mytube.uz ҳәм т.б.) мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлеридиң каналларын шөлкемлестириў ҳәм бул каналларда веб-технологиялардан кең  түрде пайдаланған ҳалда тараў жумысының бағдарларынан келип шығып, ҳуқықый үгит-нәсиятлаўшы материалларды жайғастырып барыў ўазыйпасы белгилеп берилген.

Социаллық тармақлардағы каналларда жәриялаў ушын материалларды таярлаў, жайластырыў ҳәм қайта байланысты тәмийинлеў бойынша методикалық қолланба ислеп шығыў мәселеси де көрип шығылыўы керек.

Бирақ, Өзбекстанда 5 айдан берли мәмлекет басшысының пәрманында атап өтилгениндей социаллық тармақлардың айырымлары, атап айтқанда Facebook ҳәм Youtube видеопорталының жумысында үзилислер бақланбақта. Әмелде тармаққа жалғаныў имканияты улыўма жоғалмаған. Өзбекстанлы пайдаланыўшылар тек ғана VPN қосымша программалары арқалы социаллық тармаққа жалғаныў имканиятын таппақта.

Kun.uz Әдиллик министрлиги ҳәм тийисли шөлкемлерден Өзбекстанда ислемей турған интернеттеги  социаллық тармақларда ҳуқықый үгит-нәсият жумыслары қалай шөлкемлестирилетуғыны бойынша түсиник бериўин сорады.

Еслетип өтемиз, Өзбекстанда ислемей турған Facebook социаллық тармағы басшылары  менен байланыс орнатыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги мәмлекетлик сыртқы сиясий мәкемесине мүрәжат еткени ҳаққында мәлим етилген еди.