2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық, инвестиция ықлымын жақсылаў, қолайлы исбилерменлик орталығын жаратыў ҳәм киши бизнести ҳәм жеке исбилерменликти жедел раўажландырыўды хошаметлеўге қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.

Өткен қысқа дәўир ишинде елимизде бизнес орталығын жақсылаў ҳәм исбилерменлик жумысын раўажландырыў бойынша Өзбекистан Республикасының бир қатар нызамлары, Өзбекистан Республикасы Президентиниң 20 дан аслам пәрманы ҳәм 35 тен зыят қарары қабыл етилди. Лицензиялар менен руқсатнамаларды рәсмийлестириў, мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў процесслерин түп-тийкарынан әпиўайыластырыў ҳәм олардың ашық-айдынлығын және жәриялылығын тәмийинлеў бойынша илажлар әмелге асырылмақта. Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықый қорғалыўы ҳәм исбилерменлик жумысын раўажландырыўды қаржылай қоллап-қуўатлаў илажлары күшейтилди. Бир сөз бенен айтқанда, әмелге асырылып атырған барлық реформалар «егер халық бай болса, мәмлекет те бай ҳәм қүдиретли болады» деген белгили принципке сүйенбекте.

Исбилерменлик орталығын жақсылаў бойынша соңғы жылы қабыл етилген илажлардың нәтийжелилигин Жәҳән банкиниң «Бизнес жүргизиў» (Doing Business) халықаралық есап-санағының соңғы басылымы да тастыйықламақта.

Быйылғы жылдың 31-октябринде жәрияланған «Бизнести жүргизиў 2018: жумыс орынларын жаратыў ушын реформалар» баянатына бола, Өзбекистан дүньяның 190 мәмлекети ишинде 74-орынды ийелеп, өткен жылдағы абыройын бир жола 13 басқышқа жақсылады. Қалаберсе, елимиз бизнес алып барыў ушын ең қолайлы шараятлар жаратыў бойынша реформатор мәмлекетлердиң биринши онлығына кириўге миясар болды. Әмелге асырылып атырған реформалар Өзбекистанның исбилерменлик орталығын жақсылаў ҳәм бизнес алып барыў шараятларын әпиўайыластырыў бойынша Европа ҳәм Орайлық Азия регионы мәмлекетлери арасында жетекшиге айланыўына имканият берди.

Жәҳән банкиниң «Бизнести жүргизиў 2018» есабындағы 10 индикатордың 6 ы бойынша сезилерли өсимниң атап өтилгенлиги де исбилерменлик орталығын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлардың көлеми ҳәм нәтийжелилигинен дәрек бермекте.

Исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм есапқа алыў системасының түп-тийкарынан жетилистирилгени себепли Өзбекистан кәрхананы дизимнен өткериў көрсеткиши бойынша  11-орынды ийеледи. Бул бағдар бойынша елимиз АҚШ, Япония, Франция, Германия, Италия, Испания, Дания ҳәм басқа да раўажланған мәмлекетти изде қалдырды.

2017-жылдың 1-апрелинен баслап елимизде исбилерменлик субъектлерин онлайн дизимнен өткериў системасы иске қосылды, оған бола дизимнен өтиў процеси алдынғы еки жумыс күниниң орнына тек ғана 30 минутты қурайды. Исбилерменлик субъектин дизимнен өткериў процеси онлайн түрде толтырылатуғын арза тийкарында әмелге асырылмақта. Онда арза бериўшиге усы система арқалы енгизилген ҳүжжетлерин өз ықтиярына бола үлги формалар тийкарында рәсмийлестириў имканияты бериледи.

Быйылғы жылдың 9 айы даўамында өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 1,3 мәрте көп киши бизнес субъектлери шөлкемлестирилгениниң өзи-ақ елимизде бизнес ашыўдың қаншелли аңсат екенинен дәрек береди.

2016-жылдың 1-январынан баслап исбилерменлик субъектлерин электр тармақларына пайдаланыўға таяр ҳалда жалғаў тәртибиниң енгизилгени бул процессте тиккелей исбилерменлик субъектлериниң қатнасын талап ететуғын ҳәкимшилик тәртип-қағыйдаларды әпиўайыластырыў ҳәм қысқартыў мүмкиншилигин берди. Бурын электр тәмийнаты системасына жалғаныў ушын исбилерменлик субъектлери 7-10 мәкемеге барыўы талап етилетуғын болса, бүгинги күнге келип бул ушын «бир айна» орайларына бир ғана арза менен мүрәжат етиў жеткиликли. Қалған қәдемлер – техникалық шәртлер таярлаўдан тармаққа жалғанаман дегенше – барлығы аймақлық электр тармақлары кәрханаларының арнаўлы хызметлери тәрепинен арза бериўшилердиң қатнасыўысыз әмелге асырылады.

Нәтийжеде электр тармақларына жалғаныў  көрсеткиши бойынша Өзбекистан 56 басқыш жоқарылап, рейтингте 27-орынды ийеледи ҳәм бул индикатор бойынша АҚШ, Нидерландия, Жаңа Зеландия, Испания, Латвия, Түркия, Қазақстан, Канада, Израил сыяқлы еллерден озып кетти.

2016-жылдан баслап исбилерменлик жумысы ушын таңлаў тийкарында жер майданларын ажыратыў тәртибиниң әмелиятқа енгизилиўи себепли қурылыстың барлық басқышларында – жойбарлаў ҳүжжетлерин таярлаў басқышынан объектлерди иске қосыўға шекемги процесслерде руқсатнамаларды рәсмийлестириў тәртиплери сезилерли дәрежеде әпиўайыласты. Нәтийжеде жер участкаларын алыўға ҳәм қурылысқа руқсатнамаларды рәсмийлестириў ушын талап етилетуғын тәртип-қағыйдалардың саны 23 тен 17 ге шекем қысқарып, бул қурылысқа руқсат алыў көрсеткиши бойынша елимиз рейтингиниң 12-орынға көтерилиўине хызмет етти.

Салық ҳәкимшилигин әпиўайыластырыў ҳәм исбилерменлик субъектлерине салық жүгин қысқартыў мәселелери – елимиз басшылығының турақлы дыққат орайында. Атап айтқанда, Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 18-июльдеги «Салық ҳәкимшилигин түп-тийкарынан жетилистириў, салықлардың ҳәм басқа да мәжбүрий төлемлердиң жыйналыў процесин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, салық ҳәкимшилиги процесине заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў, салық төлеўшилерге, бәринен бурын, исбилерменлик субъектлерине тиккелей сөйлесиўсиз электрон хызмет көрсетиўге толық өтиў салық системасын реформалаўдың әҳмийетли бағдарларының бириншиси сыпатында белгиленди.

Салық есап-санақларын тапсырыўдың толық электрон түрине өткени ҳәм салықларды аралықтан төлеў әмелиятының кеңейиўи салыққа тартыў көрсеткиши бойынша елимиз рейтингиниң сезилерли дәрежеде жақсыланыўына себеп болды (138-орыннан 78-орынға). «Бизнести жүргизиў» топары экспертлериниң баҳаларына бола, Өзбекистандағы исбилерменлик субъектлерине салық жүгиниң дәрежеси АҚШ, Австралия, Германия, Швеция, Түркия, Қытай ҳәм Россия сыяқлы мәмлекетлердегиден анағурлым аз муғдарда белгиленген.

«Бир айна» орайлары арқалы әмелге асырылатуғын мүлкти дизимге алыў көрсеткиши бойынша Өзбекистан өз абыройын беккемлеп, жәҳән рейтингинде 73-орынды ийеледи.

Усы жерде, исбилерменлик субъектлерине «бир айна» принципи бойынша мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў бирден-бир орайлары жумысының нәтийжелилигин айрықша атап өтиў зәрүр. Олардың жумысы руқсатнамалар менен лицензияларды рәсмийлестириўдиң ашық-айдынлығын ҳәм оперативлигин тәмийинлеў, мәмлекетлик уйымлар арасында өз-ара бирге ислесиўдиң электрон түрлерин енгизиў, қалаберсе, бюрократлық тосқынлықлардың ҳәм арза бериўшилердиң қаржылық қәрежетлерин сезилерли дәрежеде қысқартыў имканиятын бермекте. Унамлы тәжирийбени инабатқа ала отырып, 2017-жылы тек ғана «бир айна» орайлары арқалы көрсетилетуғын мәмлекетлик хызметлердиң саны 2 мәртеге – 16 дан 34 ке шекем арттырылды.

Мәмлекетлик хызметлер көрсетиў системасын жетилистириў менен бирге, инвесторлардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаўды күшейтиў бағдарында да унамлы жумыслар алып барылмақта. Корпоративлик басқарыўдың ашық-айдынлығы ҳәм акционерлик жәмийетлердиң жумысы ҳаққындағы, соның ишинде, жәмийеттиң атқарыўшы уйымы, бақлаў кеңесиниң ҳәм тексериў комиссияларының ағзаларына есапланған және төленген төлемлер туўралы мағлыўматларды жәриялаўға болған талаплардың күшейтилгени Өзбекистанға «Миноритар инвесторлардың қорғалыўы» индикаторы бойынша 62-орынға көтерилип алыў имканиятын берди.

Жуўмағында Өзбекистан кәрхананы дизимнен өткериў (11-орын), электр тармақларына жалғаныў (27), шәртнамлардың орынланыўын тәмийинлеў (39), кредитлеў системасы (55), миноритар инвесторларды қорғаў (62), жеке меншикти дизимнен өткериў (73), ҳәм салыққа тартыў (78) бағдарлары бойынша дүньяның биринши 100 ели қатарынан орын алды.

«Бизнести жүргизиў 2018: жумыс орынларын жаратыў бойынша реформалар» баянаты Жәҳән банки топары жыллық басылымының 15-саны есапланып, онда исбилерменлик жумысын әмелге асырыў саласындағы тәртипке салыў нормалары баҳалап барылады. Исбилерменлик жумысы ушын қолайлы шараят жаратыў бойынша жәҳән рейтингин Жаңа Зеландия басқармақта. Сондай-ақ, күшли бесликтен Сингапур, Дания, Корея Республикасы ҳәм Гонконг (Қытай) орын алған.

Өзбекистан Республикасы Экономика

министрлигиниң баспасөз хызмети