Жаңа жыл басындағы суўық күнлерде cоциаллық тармакларының биринде Өрт қәўипсизлиги хызметкерлери түни менен үйме-үй жүрип, адамларды сергекликке, суўық күнлеринде өрт қәўипсизлигине итибарлы болыўды түсиндирип жүргени, олардың бул ҳәрекети ҳәр тәреплеме халық ушын пайдалы екени атап өтилген еди.

Орайлық базардың халық көп топланатуғын орынларынан биринде өрт қәўипсизлиги хызметкерлериниң пайдаланыўға жарамсыз, күнделикли турмыста елеге шекем адамларымыз бийпәрўалық пенен қолланып киятырған әсбап-үскенелер менен таныстырылды.

– Биз бул илажды Айрықша жағдайлар басқармасы, Нөкис қалалық газ тәмийнаты кәрханасы ҳәм өртке қарсы гүресиў жәмийети менен биргеликте шөлкемлестирдик, – дейди Қарақалпақстан Республикасы өрт қәўипсизлиги басқармасы аға инженери Жаңаберген Пиржанов. – Газ плиталары ҳәм газ баллонларын надурыс жалғаў, жарамсыз әсбап-үскенелерден пайдаланыў, олардың келтирип шығаратуғын зыянын халыққа көрсетип бердик ҳәм түсиндирдик. Шаңарақларда жарамсыз морыдан пайдаланыў жағдайлары көп ушырасады. Бул жерде халыққа жарамсыз моры көрсетилип, қандай жағдайда жарамсыз есапланатуғыны, оны қалай тазалаў, егер тығылып қалғанда кимлерге мүрәжат етиў,  бийпәрўалық ақыбетинде жүз берип атырған унамсыз жағдайлар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Бул илажлар халықтың түсинигин кеңейтип, күнделикли турмыста итибарлы ҳәм сергек болыўға шақырады.

М.ИГИЛИКОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы