Аралбойы аймағын, жергиликли халықтың турмыс шараятын жақсылаў, елатлы пунктлердиң инфраструктурасын раўажландырыўға айрықша итибар қатарылмақта. Бул ўазыйпаларды әмелге асырыў ушын Мәмлекетимиз басшысының арнаўлы қарары қабыл етилди.

photo5366469118917716493.jpg

Мәмлекетлик хызметлер агентлиги бул стратегиялық әҳмийетке ийе ҳәрекетке өз үлесин қоспақта. Аралбойы аймағының жүреги есапланатуғын – Мойнақ районында заманагөй Мәмлекетлик хызметлер орайының қурылыс жумыслары басланды. Бүгинги күнде бул жерде 31 мыңнан аслам пуқара жасайды.

Жаңа орайды 288 квадрат метр майданға қурыў режелестирилген. Мәмлекетлик хызметлер орайы менен бир қатарда бул жерде Өзбекстан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханасы жайласыўы нәзерде тутылған.

Тәртип сақланыўы ушын хызметлер электрон нәўбет системасы арқалы көрсетиледи. Буннан тысқары, Мойнақ халқына қолайлық жаратыў мақсетинде ықшам күтиў заллары, балалар ойын майданшасы ҳәм басқа да шараятлар жаратылады.

Бир күнде 250-300 пуқараға қолайлы ҳәм оператив хызмет көрсетиў режелестирилмекте. Заманагөй Орайды Наўрыз байрамы алдында пайдаланыўға тапсырыў мөлшерленген.

001.jpg

002.jpg

003.jpg

ӨзА