Украинада бир ҳәптеде 3 мың 300 ге шамалас адам қызылшаға шалынды. Бул ҳаққында Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң жәмийетлик саламатлық орайының баспасөз хызметиниң мағлыўматларына тийкарланып РИА Новости хабар берген.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги өткен ҳәптеде 3,5 мың адам қызылшаға шалынғанын мәлим еткен еди.

«2019-жылдың төртинши ҳәптесинде 3279 адам қызылшаға шалынған болып, олардың 1350и ересек адамлар, 1929ы балалар. Бул өткен ҳәптеге салыстырғанда 6 процентке аз», – делинеди Жәмийетлик саламатлық орайының баспасөз хызметиниң хабарында.

Орайдың мағлыўматларына қарағанда, 2018-жылдың 28-декабринен 2019-жылдың 25-январына шекем 11,7 мың украиналы қызылшаға шалынған, кеселлик ақыбетинде 6 адам қайтыс болған.

Қызылша – өткир вируслы жуқпалы кеселлик болып, ҳаўа-тамшы жолы менен жуғады. Кеселликти сапластырыўдың тийкарғы усылы – халықты шаншыў.

Г.Азимова,

ӨзА