Пайтахтымызда «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары: дәслепки нәтийжелер ҳәм келешектеги режелер» темасында халықаралық конференция болып өтти.

Илаж Өзбекстан Республикасы Президентиниң Администрациясы, Өзбекстан Республикасы Министрлер кабинети, Бас прокуратура, «Yuksalish» улыўма миллий ҳәрекети, «Раўажланыў стратегиясы» орайы, Жәҳән банкиниң Өзбекстандағы ўәкилханасы, БМШ Раўажланыў бағдарламасы, Швейцария Конфедерациясы, АҚШ Мәмлекетлик департаменти менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Абат етиў бағдарламалары шеңберинде  әмелге асырылған жумыслар, келешектеги режелер ҳаққында жәмийетшиликти өз ўақтында ҳәм кеңнен хабардар етиў, шешимин күтип атырған ўазыйпаларды додалаў ҳәм финанслық институтлардың қаржыларын тартыў мәқсетинде өткерилген халықаралық конференцияда 250ден аслам тараў қәнигелери – жергиликли ҳәкимият, тийисли министрликлер менен уйымлар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес, халықаралық шөлкемлер, дипломатиялық корпус, экспертлер жәмийети ҳәм ҒХҚ ўәкиллери қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң басламасы менен әмелге асырылып атырған «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде 159 райондағы 416 аўылда қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары амәлге асырылды. Бул аўыллардағы 142 мың жеке ҳәм мыңнан аслам көп қабатлы жайлар, 3 мың километрлик жоллар оңланды. 2,5 мың километрлик электр тармақлары, 2 мың километр суў тармақлары тартылды  ҳәм ири оңлаўдан шығарылды. 2400 базар ҳәм басқа да түрдеги инфраструктуралық объектлер қурып питкерилди.

Әсиресе, аймақлардағы 388 мектеп, 313 мектепке шекемги билимлендириў, 168 медицина мәкемелери, 38 мәҳәлле ҳәм 55 басқа да социаллық тараў объектлеринде қурылыс ҳәм оңлаў жумысларының орынланғаны мақтаўға илайық.

– 2018-жылы Өзбекстанда халықтың социаллық турмысын жақсылаўда бул бағдарламалардың орны айрықша болды,- дейди Азия раўажланыў банкиниң Өзбекстандағы ўәкилханасының баслығы Синди Малвичин. – Деңсаўлықты сақлаў, билимлендириў бағдары, халықты ишимлик суў менен тәмийинлеў бағдарындағы жумысларды бақлап бардық. Буннан тысқары, энергетика, аўыл-ҳожалығындағы өзгерислерди де қоллап-қуўатлаўымыз. «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары әмелге асырылған бир неше орынларда болдым. Бул бағдардағы жумысларды буннан былай да раўажландырыў ушын бир қатар усынысларымыз бар. Атап айтқанда, экономиканы раўажландырыў ҳәм аграр тармақты оптималластырыў есабынан жаңа жумыс орынларын жаратыў әхмийетли болып табылады. Сондай-ақ, канализация тармақларын ҳәр бир аўылда жаратыўға итибар қаратыў керек. Бул бойынша биз жақыннан жәрдем бериўге таярмыз.

«Абат мәҳәлле» бағдарламасына бола, 2018-жылы ҳәр бир қаланың кеминде 2 мәҳәллесинде абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды. 2022-жылға шекем бундай жумыслар ҳәр жылы ҳәр бир қаланың 3 ҳәм оннан артық  мәҳәллелерин қамтып алыўы нәзерде тутылған. Бунда ишимлик суўы қубырлары, электр тармақлары, газ қубырлары, ҳәм ақаба  системасын қурыў, тартыў ҳәм оңлаў, сондай-ақ, мәўсимлик суўлардың қәддин төменлетиў жумыслары алып барылады.

– «Абат аўыл» бағдарламасының әмелге асырылыўы ушын зәрүр қаржылардың 80 проценти Мәмлекетлик бюджет, мәмлекетлик кәрханалардың қаржылары, сондай-ақ, тартылған инвестициялар қураған болса, қалған 20 проценти исбилерменлердиң қаржылары ҳәм банк кредитлерине туўра келди, – дейди экономика ҳәм санаат министриниң биринши орынбасары Равшан Ғуломов. – Бағдарламалардың орынланыўы ушын 3,3 триллионға шамалас сум қаржы жумсалды. Абаданластырыў жумыслары быйилғы жылы да даўам етеди. Атап айтқанда, усы жыл 470тен аслам аўылда абаданластырыў жумыслары орынланып, 1,6 миллион халықтың жасаў шараяты және де жақсыланады. 1,5 мың социаллық объект, 5 мың километрлик автомобиль жоллары қурылыўы күтилмекте.

Конференция «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларын комплексли әмелге асырыў бойынша сырт ел тәжирийбесин кеңнен қолланыў, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери менен қоспа жойбарларды  ҳәр тәреплеме додалаў, сондай-ақ, ҳүкимет мәкемелери, бизнес топар ўәкиллери ҳәм халықтың арасында бирге ислесиўди жолға қойыў мәселелери бойынша усынысларды үйрениўге хызмет етеди.

 

– Көплеген мәмлекетлерде абаданластырыў жумыслары  қаладан басланып, аўылда жуўмақланады, – дейди Туркия бирге ислесиў ҳәм муўапықластырыў агентлигиниң Өзбекстандағы ўәкилханасының басшысы Али Ихсан Чаглар. – Сизлерде болса аўылдан қалаға кетип баратырғанда, түпкиликли өзгерислер, жаңаланыўлар аўылдан басланып атырғаны жақсы. 140 тан аслам мәмлекетте филиалларымыз бар, бирақ бундай жойбарларды ушыратпадым.

Өзбекстан бизиң туўысқан халқымыз. Орынларды абаданластырыў жақсы ис, бирақ оны даўам еттириў де жүдә әҳмийетли. Бул бойынша бизиң усынысларымыз бар. «Абат аўыл» бағдарламасындағы район орайларын таңлап аламыз. Ҳәзирше Мирзачўл районын үйрендик. Ол жерде күнине 130 тонна сүт таярланады екен. Оның 30 тоннасы мектеп ҳәм бақшаларға жеткерилип бериледи. Қалғаны қалып қояды екен. Биз әне сол сүтти сары май ҳәм сырға айландырмақшымыз. Писте пастасын ислеп шығарыўды да мөлшерлеп турмыз. Бул жүдә витаминге бай ҳәм пайдалы болып, оны мектеплер, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери, әскерий бөлимлерге тапсырыў мүмкин. Анар ҳәм оның шербети дүнья жүзинде өтимли. Оннан да пайдаланыў жолларын излеп атырмыз.

Илаж соңыңда «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларын келешекте әмелге асырыў бойынша халықаралық шөлкемлер ҳәм экспертлердиң усыныслары, жүзеге келген машқаларды шешиў бойынша билдирилген пикирлери улыўмаластырылды.

Сайёра ШОЕВА,

ӨзАның хабаршысы