Усы жыл 28-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясының Кеңес мәжилиси болып өтти. Онда Федерация ҳәм оның қалалық, районлық жәмийетлериниң басшылары ҳәм қәнигелери қатнасты.

Мәжилисте 2018-жылда әмелге асырылған жумыслар додаланды.

Кеңес мәжилисинде Федерация баслығы А.Урумбаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, әмелге асырылған жумыслардың унамлы нәтийжелерин атап өтиў менен бирге, жол қойылған қәте-кемшиликлерге тоқтап өтип, пикир-усыныслар билдирди.

Атап өтилгениндей, есап бериў дәўиринде Федерация ҳәм оның қалалық ҳәм районлық жәмийетлерине, жәми 685 мүрәжат келип түскен. Соннан 638 мүрәжаттың унамлы шешилиўи нәтийжесинде, тутыныўшылардың пайдасына 1 миллиард 34 миллион 594 мың 594 сум қайта есапланған. Усы арзалардың көпшилиги Нөкис қаласына туўра келеди. Яғный, пайтахт турғынларынан 171 арза келип түскен. Тутыныўшылардың пайдасына 114 миллион 188 мың 348 сум қайта есаплап берилген. Сондай-ақ, Шымбай районында 89 (709 миллион сум), Кегейли районында  27 (60 миллион 174 мың сум) арза шешилип, тутыныўшылардың пайдасына қайта есапланған.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Министрлер Кабинетиниң тийисли қарар ҳәм пәрманлары және тийисли ҳүжжетлерге муўапық, орынларда жумыс ислеп турған саўда дүканлары, хызмет көрсетиў шақапшалары тәрепинен халыққа пластикалық карточкалар арқалы саўда ислеў (жумыс ҳәм хызмет көрсетиў), медициналық мәкемелер ҳәм ширкет хожалықлары тәрепинен пуқараларға көрсетилип атырған хызметлердиң сапасы бойынша үйрениў жумыслары алып барылған.

Тутыныўшылардың ҳуқықый билимин арттырыў, түсиндириў, үгит-нәсият жумысларын алып барыў мақсетинде ғалаба хабар қураллары арқалы арнаўлы материаллар жәрияланып, орынларда 171 мәрте дөгерек сәўбети,  154 мәрте оқыў-семинарлары өткерилген.

Бирақ бул жумыслар ҳәзирги глобалласыў дәўиринде еле де жеткиликсиз екенлиги атап өтилип, сын пикирлер билдирилди. Жол қойылған қәте-кемшиликлерди сапластырыў бойынша тийисли көрсетпелер берилди.

Мәжилисте Федерацияның 2019-жылғы бюджет параметрлери ҳәм усы жыл ушын дүзилген режелер көрип шығылып, алдағы жумыслар белгилеп алынды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.