Мойнақ районынан 200 километр, Нөкистен 400 километр қашықлықта жайласқан Возрождение атаўының Шағала деп аталған жери – Арал теңизиниң қурыған ултанынан душшы суў табылды. Бул ҳаққында ӨзА хабаршысы Есимқан Қанаатов хабар берди.

Хабарда жазылыўынша, 26-январь күни суў көзиниң табылыўы мүнәсибети менен салтанатлы илаж өткерилди. Илажға министрликлер ҳәм ведомостволар басшылары, жергиликли халық ўәкиллери ҳәм теңиздиң қурыған ултанында аянбай мийнет етип атырған көмекшилер қатнасты.

Душшы суў Қубла Арал алды артезиан бассейниниң бор дәўири қатламларынан, яғный 260-280 метр тереңликтен табылған. Суўдың сарпы секундына 7 литрди қурайтуғын бул суўдың минералласыўы 3 грамм, қаттылығы 6 миллиграмм эквивалентке тең.

Арал бойы дала гидрогеологиялық экспедициясының баслығы Шавкат Олимовтың билдириўинше, Қубла Арал алды артезиан бассейни жер асты суўлары Шымбай, Тахтакөпир, Қараөзек районлары аймақларынан да табылған.

Бор дәўири қатламларындағы жер асты суўлары термал ҳәм минералласқан ҳәм емлик өзгешеликлерге ийе болып, 47-50 градус ыссылыққа ийе екенлиги айтылмақта.

Сондай-ақ, Арал бойы дала гидрогеологиялық экспедициясы тәрепинен быйылғы жылы Мойнақ районында, яғный Возрождение атаўы, Сүргил, Ахантай аймақларында усы сыяқлы 40 суў көзин ашыў жобаластырылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги