«Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фондының мәжилислер залында Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң Олий Мажлиске Мүрәжатында белгиленген ўазыйпалардың мазмун-мәнисин үгит-нәсиятлаўға қаратылған «Мүрәжат – мәмлекетимизди раўажландырыўдың тийкарғы бағдарламасы» атамасында сәўбетлесиў өткерилди.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Халық депутатлары район(қала)лық Кеңеслериниң депутатлары, ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикасы кеңеси Атқарыў комитети аппараты ҳәм район(қала)лық Кеңеслериниң хызметкерлери, партия белсендилери қатнасты.

Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты З.Бекатова, ӨзМТДП Орайлық Кеңесиниң бөлим баслығы И.Расулов, Қарақалпақстан Республикалық кеңесиниң баслығы Т.Романов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Мүрәжаттың мәмлекетимиздиң раўажланыўында, халқымыздың турмысында әҳмийетли өзгерислер, түпкиликли бурылыслар жасайтуғын әҳмийетли бағдарлама екенлигин атап өтти.

Онда белгилеп берилген баслы ўазыйпалар ҳәм күтилип атырған нәтийжелер партия тәрепинен орынларда халыққа жеткерилип, үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.

2018-жылда мәмлекетимизде исбилерменлик раўажланды, инновациялық идеялар, технологиялар қоллап-қуўатланды. Бул әлбетте, Ўатан ҳәм халық бахтын жаратыўшы фактор болып есапланады.

Мүрәжатта Президентимиз Қарақалпақстанға, соның ишинде, Мойнақ районына айрықша итибар қаратты. Президентимиздиң басламасы менен Арал теңизиниң суўсыз қалған аймағында жасыл тоғайлықлар пайда етиўге айрықша дыққат бөлинип, 2019-жылы 500 мың гектарлық жерде тоғайзарлық пайда етиў жобаластырылған.

Сөзге шыққанлар, халық ўәкиллери болған депутатлар ҳәм сенаторлар, партия ўәкиллери Президент қойып атырған ҳәр бир ўазыйпаны, Парламент жумысын жетилистириў, оның қадағалаў ўәкилликлерин күшейтиўге байланыслы усынысларын да үлкен жуўапкершилик сыпатында қабыл еткенин атап өтти.

Илажда темаға байланыслы таярланған видеороликлер қойып берилди.

Ҳәр қыйлы тараўларда жумыс ислейтуғын ҳәм жоқары оқыў орынларында оқыйтуғын жигирмадан аслам партияға жаңадан ағза болған пуқараларға ағзалық билетлери тапсырылды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.