Жаслардың оқыўдан бос ўақытларын мазмунлы өткериў, олар арасында саламат турмыс орталығын қәлиплестириў мақсетинде Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студентлер турақ жайында шахмат клубы өз жумысын баслады.

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 9-августтағы «Өзбекстан Республикасында шахматы раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарында белгилеп берилгениндей, шахматты инсанның ақыл ҳәм ойлаў процесин раўажландырыўшы спорт түри сыпатында еледе ғалабаластырыў, әсиресе, келешек ийелери болған жасларды усы спорт түрине кеңнен тартыў бүгинги күнниң тийкарғы ўазыйпаларының бири болып табылады, – дейди институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров.

Клубтың ашылыў салтанатына Қарақалпақстан Республикасында хызмет көрсеткен жаслар тренери, спорттың шахмат түри бойынша қәниге Р.Давлатов қатнасып, клубтың жумысларына табыслар тиледи.

Буннан соң институттың физика-мийнет факультети студентлери арасында факультет бириншилигине старт берилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.