Нөкисте жас өспиримлер ислери бойынша Қарақалпақстан Республикасы, қалалық ҳәм районлық мәкемелераралық комиссиялар тәрепинен өткен жыл даўамында ислеген жумысларының жуўмағы,  быйылғы жылға белгиленген ўазыйпаларға бағышланған мәжилис болып өтти.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, жас өспиримлер ислери бойынша Қарақалпақстан Республикасы мәкемелераралық комиссияның баслығы Қ.Сариев басқарып барды.

Атап өтилгениндей, елимизде жас өспиримлерди тәрбиялаў ҳәм оларға билим бериў, оларды Ўатанды сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, денсаўлығын беккемлеў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Жас өспиримлер ислери бойынша Қарақалпақстан Республикасы, қалалық ҳәм районлық мәкемелераралық комиссиялардың ағзалары тәрепинен өткен жыл даўамында тәлим-тәрбия бериў, оқыўшыларды түрли пән дөгереклери ҳәм спорт секцияларына тартыў, бос ўақытларын мазмунлы өткериў, жазғы дем алысын кеўилли шөлкемлестириў, медициналық тексериўден өткериў, саламатландырыў ҳәм реаблитациялаў, қадағалаўсыз ҳәм қараўсыз қалған жас өспиримлердиң ҳуқықлары, еркинликлери менен нызамлы мәплерин қорғаў, оларды «Меҳрибанлық үйи»не жайластырыў,  анықлаў,  жетим ҳәм ата-анасының қарамағынан айрылған балаларды турақ жайлар менен тәмийинлеў бойынша унамлы ислер алып барылды.

Жас өспиримлер арасында ҳуқықбузарлық, жынаятшылық, өз жанына қастыянлық етиў жағдайларының, жаслардың түрли жат идеялардың қурбанына айланыўының алдын алыў, олардың шаңарақта, мәҳәлледе, оқыў ҳәм оқыўдан тыс орынларында тәлим-тәрбиясын дурыс жолға қойыў, мүнәсип шараятлар жаратылыўы үстинен қадағалаўды күшейтиў, «Билимлендириў ҳаққында»ғы, «Жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы ҳаққында»ғы Нызамлардың мазмун-мәнисин кеңнен түсиндириў мақсетинде жас өспиримлер ислери бойынша Қарақалпақстан Республикасы ҳәм аймақлық мәкемелер аралық комиссиялардың ағзалары тәрепинен ата-аналар және олардың орнын басыўшы шахслардың қатнасында кәсип өнер колледжлери ҳәм академиялық лицейлерде оқыў-семинарлары, дөгерек сәўбетлери, ушырасыўлар өткерилип келинбекте.

Қарақалпақстан Республикасының 1 миллион 869,7 халқының 647 мың 233 ямаса 34,6  процентин жас өспиримлер қурайды. Соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги системасындағы 542 мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде 64 мың 102 бала тәлим-тәрбия алып атырған болса, Халық билимлендириў министрлиги системасындағы 708 улыўма билим бериў мектебинде 326 мың 527 оқыўшы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Орта арнаўлы кәсиплик билимлендириў басқармасы қарамағындағы 104 академиялық лицей ҳәм кәсип -өнер колледжинде 43 мың 129 оқыўшы билим алмақта.  Атап өтилген билимлендириў мәкемелериндеги 262 мың 578 жас өспиримниң бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде 15 мыңнан аслам дөгерек жумыс ислеп турған болса, 109,6 мыңнан аслам жасларымыз спорт секцияларында шуғылланып келмекте. Буннан тысқары, балалардың жазғы дем алыс күнлеринде Кәсиплик аўқамларының, жергиликли ҳәкимиятлар, «Мәҳәлле» қоры ҳәм қәўендерлердиң қаржылары есабынан 5 стационар, улыўма билим бериў мектеплери жанындағы 22 күндизги дем алыс орайында жәми 11363, «Мийнет ҳәм дем алдырыў», «Интеллектуаллық раўажландырыў» ҳәм «Тәрбия ҳәм спорт» дем алыў орайларында 300, сондай-ақ, Ташкент қаласы, Самарқанд, Жиззақ ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларындағы пайызлы орынларда 2890 оқыўшы кеўилли дем алды. Өткен жыл даўамында жас өспиримлер ислери бойынша қалалық ҳәм районлық мәкемелераралық комиссиялардың ағзалары тәрепинен қадағалаўсыз ҳәм қараўсыз қалған 20 бала Хожели районындағы 1-санлы «Меҳрибанлық үйи»не жайластырылды.

Атап өтилген комиссиялардың жумысларында усындай жетискенликлер менен бир қатарда өткен жыл даўамында айырым кемшиликлер де орын алды. Олар тәрепинен алып барылған кең көлемдеги үгит-нәсият жумысларының нәтийжесинде жасы жетпегенлер тәрепинен исленген жынаят улыўма 19 ға азайғаны менен, айырым районларда көбейген. Атап айтқанда, соңғы еки жылда Мойнақ районында, өткен жылы Қанлыкөл, Нөкис, Тахтакөпир, Шоманай районларында жас өспиримлер тәрепинен бир де жынаят болмаған болса, Тақыятас, Шымбай, Қараөзек, Кегейли районларында өскен. Жынаятлар кәсип өнер колледжлериниң отыз, улыўма билим бериў мектеплериниң жигирма тоғыз оқыўшысының қатнасында исленген.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы прокурорының аға жәрдемшиси Ҳ.Эргашев, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри А.Аяпов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги  Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы басқармасының баслығы Р.Ешимбетовлар шығып сөйлеп, өткен жыл даўамында исленген жумысларға, атап өтилген кемшиликлерди сапластырыў бойынша алда турған ўазыйпаларға тоқтап өтти.

Мәжилисте 2019-жылға белгиленген ис-режеси тастыйықланды ҳәм өткен жылдың жуўмағы бойынша «Жылдың ең жақсы жуўаплы хаткери» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болды. Усы таңлаўда биринши орынды ийелеген Қоңырат районы жас өспиримлер ислери бойынша мәкемелераралық комиссияның жуўаплы хаткери Айдос Қалиев 2019-жыл февраль айында Ташкент қаласында болып өтетуғын келеси басқышқа жоллама алды.

Мәжилисте күн тәртибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Д. АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.