Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Нөкис әскерий прокуратурасының басламасы менен  ашықтан-ашық пикирлесиў ҳәм көшпели қабыллаў болып өтти.

Оған бүгинги күни Ўатан алдындағы әдиўли миннетин атқарып атырған әскерий хызметкерлер, олардың шаңарақ ағзалары, әскерий ветеранлар қатнасты.

Илажды Нөкис әскерий прокуроры Б.Худайбердиев басқарып барды.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёев басшылығында елимиздиң қорғаныў қудиретин беккемлеў, оның материаллық-техникалық базасын жаңалаў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Соның ишинде,  әскерий хызметкерлерди, олардың шаңарақ ағзаларын ҳәм тараў ветеранларын қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқықларын, еркинликлерин ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўға айрықша итибар қаратылмақта. «Халық мәмлекетлик уйымларға емес, ал мәмлекетлик уйымлар халқымызға хызмет етиўи керек»,-деген принцип тийкарында әскерий хызметкердиң күнделикли турмысында ушырасып атырған ҳәр қандай машқалалар орынларда шешимин таўып, олардың бүгинги күннен разы болыў жасаўы ушын тийисли шараятлар жаратып берилмекте. Бунда Президентимиздиң  усы жыл 17-январьдағы «Халықтың машқалалары менен ислесиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Ашықтан-ашық пикирлесиў барысында қатнасыўшылардың ҳәр бир мүрәжаты бойынша Нөкис әскерий прокуроры, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў, Мектепке шекемги билимлендириў, Денсаўлықты сақлаў, Ишки ислер, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрликлери, Өзбекстан Республикасы Орайлық банки Қарақалпақстан Республикасы бас басқармасының ўәкиллери тәрепинен жуўап берилди. Усы күни шөлкемлестирилген көшпели қабыллаўда 85 әскерий хызметкер, олардың шаңарақ ағзалары ҳәм әскерий ветеранның билдирген машқалалары қәнигелер тәрепинен үйренип шығылып, олардың көпшилиги сол жердиң өзинде шешимин тапты.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги.