Бүгин, 26-январь күни Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры О.Б.Муродов ҳәм Бас министриниң биринши орынбасары А.Ж.Раматов хызмет сапары менен Мойнақ районында болды. Бул ҳаққында New Muynak City каналы хабар берди.

Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры О.Б.Муродов ҳәм Бас министриниң биринши орынбасары А.Ж.Раматов Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Т.Ерниязов пенен бирге Мойнақ районындағы көп этажлы турақ жайлардың қурылыс жумысларының барысы менен танысты.

Буннан соң районда қурылыў жобаластырылған «Ҳәсиретли ана» естелиги, мийманхана, жабық жүзиў бассейни, монша, балалар музыка ҳәм көркем өнер музейи, балалар дем алыў лагери ҳәм Өзбекстанда биринши мәрте қурылатуғын қуяш фотоэлектрстанциясының ирге тасын қойды.

Ҳүкимет ўәкиллери райондағы «Өнерментлер аўылы»ның шөлкемлестириў жумыслары, сондай-ақ, быйыл Наўрыз байрамы мүнәсибети менен өткерилиўи жобаластырылған этнофестивальдың таярлық жумысларын көзден өткерди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.