«Менинг фикрим» жәмийетлик мүрәжатлар порталында тутыныўшылар пайдаланып атырған суўды ишимлик суўы ҳәм техникалық суўға ажыратыў ҳаққында петиция жәрияланды. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.

«Күн сайын суў жетиспеўшилиги себепли көплеген мәмлекетлер зардап шекпекте. Елимизде ишимлик суўын тежеў мақсетинде оннан техникалық суў сыпатында пайдаланбаў керек. Мәселен, айрым завод ҳәм фабрикалар, егинлерди суўғарыў, автомобильлерди жуўыў ушын таза ишимлик суўы шәрт емес», – деп жазылған мүрәжатта.

Атап өтилиўинше, бундай тараўларды пайдаланылған ишимлик суўын қайта бағдарлаў арқалы суў менен тәмийинлеў зәрүр. Ҳәзирги ўақытта ҳәттеки канализацияда да таза ишимлик суўынан пайдаланылады.

«Сол себепли, усынысым егер ишимлик суўынан екинши мәрте техникалық суў сыпатында пайдаланылса, ишимлик суўын ҳәм оған сарпланатуғын қәрежетлерди тежеген боламыз. Бул мәселеде шешилмеген машқалаларды көрип шығыўымыз керек», – деп жазған петиция авторы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги