24-январь күни Ташкент қаласында болып өткен Европа Аўқамы – Орайлық Азия жоқары дәрежедеги VI конференциясы шеңберинде бир неше жаңа жойбарлар усынылды. Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети баслығы Баҳром Қўчқоров Kun.uz хабаршысының усы темадағы сораўына жуўап берип, төмендегилерди мәлим етти:

«Конференция шеңберинде жаңа анық жойбарлар усыныс етилди. Булар:

 

1. Арал түбинде тоғайлық пайда етиў. Бул бойынша анық жойбарымыз, қаржылар, жобаларымыз бар. Биз бул жумысларды басладық, бирақ халықаралық шериклеримиз, Европа Аўқамы мәмлекетлерин де усы жойбарды қаржыландырыў ҳәм биргеликте әмелге асырыўға тартпақшымыз.

 

2. Арал бойы регионы, Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм ўәлаятында шығындыларды басқарыў системасын жетилистириў. Қарақалпақстанды алып қарасақ, ол жерде 31 шығынды полигоны бар, оны азайтыў керек, себеби бул оғада көп. Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки (ЕТРБ) менен келисим тийкарында бул жойбарды да басладық. Солай болса да, жойбар басқа донор-мәмлекетлер ушын да ашық.

 

3. Биокөп түрлиликти сақлаў, қорғалатуғын тәбийғый аймақларды шөлкемлестириў. Ҳәзирги ўақытта тәбийғый аймақлар саны 700 мың гектарға шамалас. Қарақалпақстан аймағына қойылған ўазыйпаға тийкарланып биз бул көрсеткишти жақын келешекте 3 млн гектарға шекем жеткериўимиз, яғный жаңа тәбийғый қорғалатуғын аймақларды шөлкемлестириўимиз керек. Бул, әлбетте, қосымша қаржы, қосымша инвестицияларды талап етеди.

 

Сондай-ақ, және басқа жойбарлар да конференция шеңберинде усыныс етилди».

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги