Бүгин республикамызда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл  22-январьдағы 41-ф-санлы бийлигине муўапық, Арал бойындағы экологиялық апатшылықтың ақыбетлерин жақсылаў мақсетинде билдирилген усыныслар ҳәм ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлаў бойынша орынлардағы жәмийетшилик ўәкиллериниң усыныслары есапқа алынып, улыўмахалықлық экологиялық қайырқомлық шембилиги өткерилмекте.

Шембиликке республикамыздағы барлық мәкеме, шөлкем, кәрханалар шөлкемлескенлик пенен қатнаспақта.

Шембилик қатнасыўшылары мәҳәллелер, елатлы пунктлер, көп қабатлы имаратлар ҳәм гүзар жоллардың әтирапларын тазалап, дем алыў, зыярат етиў орынларын, қойымшылықларды, жап-салмалар менен көшелерди, балалар майданшаларын тәртипке келтирмекте.

Орынлардағы абаданластырыў жумыслары нәтийжесинде топланған шығындылардың арнаўлы орынларға тасланыўы қадағаланбақта.

Бийликке муўапық, улыўмахалықлық шембилик мүнәсибети менен министрликлер, мәкемелер ҳәм шөлкемлерде мийнет етип атырған хызметкерлердиң бир күнлик мийнет ҳақысы муғдарындағы қаржылар олардың өз басламаларына бола «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик қорының Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң, районлық ҳәм Нөкис қалалық бөлимлериниң банктеги есап бетлерине өткериледи.

Түскен қаржылар Арал теңизиниң суўы қурыған майданларында қорғаныў тоғайларын пайда етиў, региондағы экологиялық жағдайды ҳәм халықтың турмысын жақсылаў, кем тәмийинленген, бағыўшысын жоғалтқан, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларға материаллық ҳәм руўхый жәрдем көрсетиў сыяқлы мақсетлер ушын жумсалады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.