Өзбекстан ҳәм Германия арасында илим ҳәм билимлендириў тараўындағы бирге ислесиў көп жыллық тарийхқа ийе.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев Германия Федеративлик Республикасының канцлери Ангела Меркель менен алып барған сойлесиўлери ўақтында илим ҳәм билимлендириў тараўларында бирге ислесиўди раўажландырыў зәрүрлигин атап өтти.

Соңғы жылларда илимпазлар сырт еллерде, атап айтқанда, немис изертлеў орайларында өз көнликпелерин ҳәм билимлерин арттырыў ушын имканииятларға ийе болды. Солай етип, физика-математика илимлериниң кандидаты Бахыт Нарымбетов немис фирмасы «Oxxel» (Бремен Университети) усынысына бола 6 ай даўамында жоқары ыссылыққа ийе суперконденсат оксидлериниң нәзик плёнкалары менен рентгенлик-структуралық изертлеў өткерди.

Тарийх илимлериниң кандидатлары М.Қарлыбаев, А.Жумашев, Ж.Бердиев, Р.Камалова ҳәм филология илимлериниң кандидаты З.Тлеуовалар DAAD стипендиатлары сыпатында Германияның Бонн Университети, Берлиндеги Гумбольдт университети сыяқлы жоқары билимлендириў орайларында изертлеў жумысларын алып барды ҳәм қәнигелигин арттырды.

Фонд грантына миясар болған илимпаз Александр фон Гумбольдт фондының ағзасы болыў ҳуқуқын сақлап қалады. Бундай стипендиатлар арасында жерлеслеримиздиң бар екенлиги қуўанышлы жағдай. 2007-жылы Александр фон Гумбольдт фондының стипендиясын Қарақалпақстан тарийхында биринши мәрте қолға киргизген М.Қарлыбаев, 2009-жылы бул стипендияға А.Жумашев ийе болды. Олар тәрепинен сырт елдиң тарийх илиминиң раўажлыныўы бойынша материаллар үйренилип шығылған, қарақалпақлар ҳәм Қарақалпақстанның тарийхы ҳәм мәденияты бойынша материалларды жыйнаған. Жас илимпазлар профессор Ингеборг Балдауф (Берлиндеги Гумбольдт университетиниң Азия ҳәм Африка Изертлеў институтының Орайлық Азия семинары баслығы) пенен биргеликте жақыннан бирге ислесиў ўақтында изертлеўлер алып барған.

Александр фон Гумбольдт фонды – Германиядағы ең ири ҳәм ески фондлардан бири болып, ол 1860-жылы дүзилген. Ҳәзирги күнде Гумбольдттың барлық тараўларындағы стипенидиатлар саны 23 мыңнан аслам илимпаз, соннан 40и Нобель сыйлығының лауреатлары.

Еслетип өтемиз, Александр фон Гумбольдт фонды сыйлығы менен сыйлықланған илимпазлар ҳәм аспирантлар немис кәсиплеслер менен байланысларды турақлы түрде сақлаўды ҳәм раўажландырыўды жолға қояды ҳәм оларды келешекте қоллап-қуўатлайды.

С.Худайбергенова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги