Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесинде Аўыл хожалығында мийнетти қорғаў ҳәм оның қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша 2018-2020-жылларға мөлшерленген Ҳәрекетлер бағдарламасының орынланыўын тәмийинлеўге бағышланған оқыў семинары болып өтти.

Илажды Өзбекстан Агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамлары республикалық Кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўаплы шөлкемлестириўшиси Е.Сейтназаров басқарып барды.

Буннан кейин Өзбекстан Агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамлары республикалық Кеңесиниң бөлим меңгериўшиси Х.Умаров, «Өзагросуғурта» акционерлик жәмийети Қарақалпақстан Республикасы  филиалының бас қәнигеси Т.Турыймов, 5-санлы Нөкис қалалық шыпакерлик мийнет эксперт комиссиясы баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Б.Уразметов, Бюджеттен тысқары пенсия қоры Қарақалпақстан Республикасы  басқармасының бас қәнигеси Б.Турсунов, Қарақалпақстан Республикасы  Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң мәмлекетлик мийнет ҳуқық инспекторы Б.Халмуратов шығып сөйлеп, аўыл хожалығында мийнетти қорғаў ҳәм оның қәўипсизлигин тәмийинлеў, жумыс бериўши (фермер хожалығы) баслығының пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў, социаллық қорғаў ҳәм мийнет нызамшылығы тараўына байланыслы машқалалар ҳәм олардың шешимине кең түрде тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, кәрхана ҳәм мәкемелерде қәўипсизлик ҳәм гигиена талапларына жуўап беретуғын мийнет шараятлары жаратылған болыўы тийис. Жумыс бериўшиниң бундай миннети «Мийнетти қорғаў ҳаққында»ғы Нызам ҳәм «Мийнет Кодекси»нде белгилеп қойылған. Онда хызметкерлердиң саны елиў ҳәм оннан көп болған ҳәр бир шөлкемде мийнетти қорғаў талапларына бойсынылыўын тәмийинлеў, олардың орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырыў мақсетинде мийнетти қорғаў хызмети шөлкемлестириледи ямаса мийнетти қорғаў бойынша тийисли таярлыққа ийе болған қәниге лаўазымы енгизиледи, деп көрсетилген. Бул бағдардағы машқалаларды сапластырыў бойынша Өзбекстан Республикасының «Мийнетти қорғаў ҳаққында»ғы Нызамының (жаңа редакциядағы) 12-статьясына муўапық тийисли тармақ министрликлери, шөлкем ҳәм компанияларға усыныслар киргизиледи.

Ҳәр бир жумыс бериўши мийнетти қорғаў ушын зәрүр болған қаржыларды нызам ҳүжжетлеринде, жәмәәтлик шәртнамаларда ямаса басқа да ишки нормативлик ҳүжжетлерде белгиленетуғын муғдарда ажыратылыўы тийис. Мәкемелер бул бойынша қорды өзиниң коммерциялық ҳәм басқа да хызметинен алынатуғын пайдасы (дәраматлары), сондай-ақ, нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан шөлкемлестириўге және олар ушын мөлшерленген қаржының басқа мақсетлерге сарпланбаўы айрықша белгилеп қойылған. Айырым бюджет ҳәм хожалық есабындағы кәрханалар тәрепинен мийнетти қорғаў илажлары ушын жетерли муғдарда қаржылар жумсалып атырмағанлығы ямаса улыўма жумсалмай атырғанлығы анықланбақта. Республикалық Кеңестиң мийнетти қорғаў бөлими тәрепинен басланғыш шөлкемлердиң бул бағдардағы жумыслары үйренилип, жумыс бериўшилерге Нызам талаплары ҳәр тәреплеме түсиндирилип, усыныслар киргизилип келинбекте.

Өткен жылы республикамыздағы тармақлық кәрхана ҳәм мәкемелердиң жәмәәтлик шәртнамаларында хызметкерлерге саламат ҳәм қәўипсиз шараятларды жаратыў, өндиристеги бахытсыз ҳәдийселер ҳәм кәсип кеселликлериниң алдын алыў бойынша илажларға 786 миллион 250 мың қаржы ажыратылған. Атап айтқанда, кәрханаларда мийнетти қорғаў хызметиниң ўазыйпаларын әмелге асырыў, жумыс орынларын мийнет шараятлары бойынша аттестациядан өткериў, мийнетти қорғаў бойынша қәнигелерди қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў, мийнеттиң қорғалыўын басқарыў системасы аудитин өткериў бойынша кең түрде түсиндириў жумыслары алып барылды. Есабат дәўиринде кәрхана ҳәм мәкемелердеги жәми 317 жумыс орны мийнет шараятлары бойынша бегиленген мүддетте аттестациядан өткерилди. Буннан тысқары, 1912 хызметкер медициналық тексериўден өткерилген болса, өндирислик кәрхана ҳәм мәкемелердиң жумысшы хызметкерине 280 миллион 308 мың сумлық арнаўлы кийим-кеншек, басқа да жеке гигиена буйымлары алып берилди. Деген менен, айырым кәрханаларда хызметкерлерди медициналық тексериўден өткериўге жетерли итибар берилмей атырғанлығы ямаса хызметкерлердиң медициналық тексериўден өзлериниң есабынан өтиў жағдайлары анықланбақта.

Өткен жыл даўамында кәрхана ҳәм мәкемелерде өндирис пенен байланыслы 5 бахытсыз ҳәдийсе жүз берген. Соннан үшеўи жеңил, биреўи аўыр дене жарақатын алған болса, тилекке қарсы биреўи қайтыс болған. Хызметкердиң қайтыс болыўы ямаса денсаўлығына жеткерилген зыян  менен байланыслы бир жола төленетуғын төлемниң муғдары 28 миллион 157,6 мың сумды, ҳәр айда төленетуғын төлемниң муғдары 86,1 мың сумды қурады. Өндиристе жарақат алған 4 хызметкерге ҳәм бағыўшысын жоғалтқан шаңараққа тийисли ҳуқықый жәрдем берилди.

Бул ҳәдийселердиң келип шығыў себеплери таллап көрилгенде, тийкарынан хызметкерлердиң қәўипсизлик техникасы талапларына бойсынбаўы, өндирис процесинде санаат қәўипсизлиги қағыйдаларының бузылыўы, хызметкерлердиң итибарсызлығы, белгиленген мийнет ҳәм ишки тәртиплерге бойсынбағанлығы, технологиялық процесслердиң ҳәм электр қәўипсизлиги қағыйдаларының бузылыўы нәтийжесинде келип шыққанлығы мәлим болды.

Илажда келешекте бундай бахытсыз ҳәдийселерди болдырмаў, бул бағдарда орын алған кемшиликлерди сапластырыў бойынша пикир алысыўлар болды.

Оқыў семинары соңында оған белсене қатнасқаны ушын «Төрткүл пахта тазалаў заводы» акционерлик жәмийети кәсиплик аўқам комитети,  кәрханада хызметкерлерге саламат ҳәм қәўипсиз мийнет шараятларын үлгили шөлкемлестиргени ушын «Туран-Хожели» акционерлик жәмийети кәсиплик аўқам комитети, жумыс бериўши менен социаллық бирге ислесиўди жақсы жолға қойғаны ушын Агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамы Әмиўдәрья районлық Кеңеси, хызметкерлерге мәдений-ағартыўшылық ҳәм спорт илажларын үлгили шөлкемлестиргени ушын Мелиоративлик экспедициясы кәсиплик аўқам комитети, кәрханада хызметкерлердиң социаллық қорғалыўын жақсы жолға қойғаны ушын Қоңырат мәмлекетлик тоғай аңшылық хожалығы кәсиплик аўқам комитетине «Алғыснама» тапсырылды.

Д. АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.