Орайлық Азиядағы ҳаўа-райының өзгериў әқыбетлерин жумсартыў ҳәм жасыл экономиканы алға сүриў регионда экологиялық турақлылықты тәмийинлеўдиң әҳмийетли факторы болып есапланады. Усы мәнисте регион мәмлекетлери бирге ислесиўши мәмлекетлер ҳәм донор шөлкемлер менен биргеликте бир қатар ис-ҳәрекетлерди әмелге асырып келмекте.

Ташкентте 24-январь күни шөлкемлестирилген Қоршаған орталық ҳәм суў ресурсларынан пайдаланыў тараўындағы бирге ислесиў бойынша «Европа Аўқамы – Орайлық Азия» жоқары дәрежедеги VI – конференциясы да усындай бағдардағы бирге ислесиў ушын қолайлы платформа болып есапланады.

Онда Орайлық Азия мәмлекетлери – Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан, Өзбекстан делегациялары, сондай-ақ, Италия, Франция, Уллы Британия, Латвия, Словакия, Венгрия, Чехия, Румыния сыяқлы Европа Аўқамына ағза мәмлекетлердиң қоршаған орталықты қорғаў бойынша шөлкемлерининиң ағзалары, БМШтың бул бағдардағы структуралары, ЕТРБ ҳәм Европа Аўқамының қәнигелери, халықаралық анализ орайларының басшылары қатнасты.

Илаждың ашылыўында Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы Бахром Қўчқоров, Европа сыртқы ислер хызмети Орайлық Азия бойынша департаменти баслығынын орынбасары Филип ван Амерсфорт, Италияның Қоршаған орталық, жер ҳәм теңиз ресурслары министрилигиниң ўәкили Массимо Коццоне ҳәм басқалар шығып сөйледи.

Атап өтилгениндей, соңғы жылларда Орайлық Азия еллериниң аймақтағы экологиялық жағдайды тиклеў бойынша ис-ҳәрекетлери  турақлылыққа ийе. 2018-жылдың август айында Түркменбашы қаласында Аралды қутқарыў халықаралық фондын шөлкемлестириўши мәмлекетлер басшылары кеңеси мәжилисиниң шөлкемлестирилгени, сондай-ақ, БМШтың Орайлық Азия ушын превентивлик дипломатия бойынша аймақлық орайы тәрепинен Әмиўдәрья ҳәм Сырдәрьяның суў ресурсларынан пайдаланыў ҳаққындағы ковенцияның ислеп шығылғаны, Өзбекстанның басламасы менен БМШ қәўендерлигинде Арал теңизи ҳәм Аралбойы аймағы бойынша арнаўлы Траст фондының дүзилгени усылардың қатарына киреди.

– Жумысымыз арқалы жасыл технологиялар ҳәм инвестициялық жойбарларды тартыў бойынша халықаралық ҳәм регионаллық бирге ислесиўди әмелге асырып келмектемиз, – дейди Жасыл технологиялар ҳәм инвестициялық жойбарларды халықаралық орайы баслығының орынбасары Гаўхар Бейсеева (Қазақстан). – Бүгинги конференцияның  темасы, онда көтерилген мәселелер, қабыл етилген қарарлар жумысымыз бенен тығыз  байланыслы. «Европа Аўқамы – Орайлық Азия» диалогының бул ретки конференциясы болса суў  менен байланыслы машқалалар бойынша бирге ислесиўдин жаңа усылын ҳәм қатнасын ислеп шығыў ушын қолайлы имканият болып табылады. Диалогтың усы форматы арқалы биз Өзбекстанның аймақта экологиялық жағдайды турақластырыў бойынша басламаларын толық қоллап-қуўатлап, оларды әмелге асырылыўға үлес қосыўға таярмыз.

Жоқары дәрежедеги конференция экология тараўындағы бирге ислесиў платформасы болып, Европа Аўқамының Орайлық Азия мәмлекетлерине қоршаған орталық, климаттың өзгериўи хәм суў ресурслары тараўында жәрдем бериў бойынша перспективалы бағдарламаларды қәлиплестириўди нәзерде тутады. 2009-жылы Италияның басламасы менен Европа аўқамының қәўендерлигинде дүзилген бул платформа өткен жыллар даўамында регион мәмлекетлериниң климаты өзгериўине ҳәм экологиялық жағдайды тиклеў бойынша еки ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўшиниң әҳмийетли шәртине айланды. Оның шеңбериндеги дәслепки жойбар 2012-2014 – жыллары әмелге асырылды. 2016-2018 – жылларға мөлшерленген екинши жойбар Орайлық Азия мәмлекетлеринде турақлы раўажланыўды беккемлеў, қоршаған орталықты, климаттың өзгериўлерине қарсы гүресиўде Европа Аўқамы менен бирге ислесиўди беккемлеў нәзерде тутылған.

– Европа Аўқамы менен Орайлық Азия мәмлекетлери арасында бирге ислесиўде барлық тараўлардын беккемленип атырғанынан қуўанышлымыз, – дейди Европа Аўқамының Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили Питер Буриан. – Бүгин регион мәмлекетлери раўажланыўдың жаңа басқышында суў ресурсларын ақылға уғрас басқарыў, трансшегаралық дәрьялардан үнемли пайдаланыў, қалаберсе, климаттың өзгериўине қарсы гүресиўдеги диалог жоқары пәтлерде жолға қойылған. Соның нәтийжесинде тәбиятты қорғаў, тутас цикклер экономикасына өтиў сыяқлы регион ушын әҳмийетли болған усынысларды ислеп шығыў имканияты пайда болмақта. Европа Аўқамы бул бағдарда өз тәжирийбелерин бөлисип, тараўға жаңа технологияларды енгизиўде жәрдемлесиўге таяр.

Илажда Қоршаған орталық ҳәм суў ресурсларынан пайдаланыў тараўындағы бирге ислесиў бойынша «Европа Аўқамы ҳәм Орайлық Азия» платформасының 2015-2018 жыллардағы нәтийжелери жыйналғанлардын нәзерине усынылды.

Шөлкемлестирилген секция мәжилислеринде Аралбойы аймағындағы экологиялық ҳәм социаллық-экономикалық жағдайды жақсылаў, БМШтың Аралбойы аймағы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме бирге ислесиў тийкарында траст фондын қоллап-қуўатлаў, Аралды қутқарыў халықаралық фондының жумысы шеңберинде регионлық шерикликти буннан былай да раўажландырыў, сыртқы финанслық-техникалық жәрдем көрсетиў мәселелери кең түрде додаланды.

Сондай-ақ, климаттың озгериўи ақыбетлерин жумсартыў, қоршаған орталықтын патасланыў дәрежесин азайтыў ҳәм экономиканы қоллап-қуўатлаў мақсетинде инфраструктураларға инвестицияны кеңнен тартыў бойынша усыныслар билдирилди. Европа Аўқамы ҳәм Орайлық Азия арасындағы бирге ислесиўдиң келешектеги әҳмийетли бағдарлары белгилеп алынды.

Конференция шеңберинде Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте Италияның Қоршаған орталық, жер ҳәм теңиз ресурслары министрлиги арасында бирге ислесиў ҳаққында меморандумға қол қойылды.

5.JPG

8.JPG

11.JPG

16.JPG

18.JPG

Улуғбек ШОНАЗАРОВ,

ӨзА ның хабаршысы