Жақында O’zLiDeP Қоңырат районлық Кеңеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң Парламентке Мүрәжатынының мазмун-мәнисин түсиндириў ҳәм онда белгилеп берилген ўазыйпалардың әҳмийетин үгит-нәсиятлаў мақсетинде депутатлық топар ўәкиллери арасында дөгерек сәўбети өткерилди.

Оған партияның районлық кеңесиниң депутатлары, белсендилери, тийисли тараў ўәкиллери  ҳәм исбилерменлер қатнасты.

– Бүгинги дөгерек сәўбетинде халықтың исенимли ўәкили болған депутатлар тәрепинен Президентимиздиң Мүрәжатынан келип шығып, 2018-жыл әмелге асырылған жумыслардың талқыланып, 2019-жылы ислениўи керек болған әҳмийетли ўазыйпалар додаланды, – дейди район ҳәкиминиң инвестициялар, инновациялар, меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм киши санаат зоналары және туризмди раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасары Б.Турсынбеков.- Өткен жылдың даўамы сыпатында ­ 2019-жылға «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» деп атама берилиўи O’zLiDeP партиясына да үлкен жуўапкершиликли ўазыйпалар жүклейди. Бул бойынша партияның электорат ўәкиллери арасында «Жедел инвестиция» деген түсиникти кеңнен үгит-нәсиятлаў, қалайынша инвестиция киргизиў мүмкин, бәсекиге шыдамлы сапалы өнимлер ислеп шығаратуғын,  исбилерменлердиң санын көбейтиў керек екенлиги  кең түрде атап өтилди.

Еслетип өтемиз, быйылғы жылы Қарақалпақстан Республикасы санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызмет көрсетиў тараўларын раўажландырыў жойбарлары бойынша район көлеминде санаат бағдарында 16, хызмет көрсетиўде 25, аўыл хожалығы бағдарында  2 жойбар жәми,  43 жойбарға 217,1 млрд сум қаржы ажыратылды және 422 жаңа жумыс орынлары жаратылады.

Өткерилген илаж даўамында Мүрәжаттан келип шығып, аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша депутатлық корпус ўәкиллери өзлериниң пикир – усынысларын билдирди.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы