Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2012-жыл 7-февральдағы «Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы илимий мәкемелериниң структурасын оптималластырыў ҳәм жумысларын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен Қарақалпақ тәбийғый пәнлер илимий изертлеў институты дүзилген еди.

Институттың илимий-изертлеў жумысларының тийкарғы бағдарлары – тәбийғый пәнлер тараўында фундаментал, әмелий ҳәм инновациялық изертлеўлер алып барыў, республикамыздың тәбийғый, энергетикалық, минерал шийки затларын, өсимлик ресурсларын излеп табыў ҳәм мақсетке муўапық пайдаланыў, биологиялық көптүрлиликти сақлаў, экологиялық жағдайды баҳалаў ҳәм жақсылаў усылларын ислеп шығыўдан ибарат. Соның менен бирге, экологиялық, социаллық-экономикалық процесслерди талқылаў, ресурсларды үнемлейтуғын технологияларды ислеп шығыў, жергиликли шийки затлар тийкарында бириктириўши материалларды, жаңа типтеги төгинлерди ислеп шығаратуғын технологияларды жаратыў, сондай-ақ, республикамыздың геологиялық дүзилисин изертлеў болып есапланады.

Институт илимпазларының илим тараўындағы соңғы жетискенликлери ҳаққында ӨзИА Қарақалпақстан бөлиминиң бас илимий хаткери, химия илимлериниң кандидаты Ш.Төремуратов төмендегилерди атап өтти:

– Соңғы үш жылда 7 фундаментал, 11 әмелий ҳәм 2 инновациялық, улыўма баҳасы 4359,777 миллион сумлық 20 жойбар орынланып, жәми 370 илимий жумыс әмелге асырылды.

Соның ишинде, 112 мақала таярланып, олардан 32си, 258 тезистиң 30ы сырт елде басып шығарылды. Сондай-ақ, 3 монография, 4 сабақлық, 3 оқыўлық китабы, 2 оқыў-методикалық қолланба баспадан шығарылып, 1 патент алынды. Және 5 патент ушын берилген талапнама көрип шығылмақта.

Қарақалпақстан глоуконити ҳәм фосфоритлеринен қурамалы төгинлерди алыўдың технологиясы ислеп шығылып, топырақтың 3-4 метрлик тереңликтеги фильтрация коэффицентин тез анықлайтуғын қурылма жаратылды.

Полиэтилен шығындыларын битум ҳәм асфальт қурамында пайдаланыў методикасы бойынша полиэтилен шығындыларын таңлаў ҳәм тазалаў талап етилмейди.

Боян тамырынан глицеризин кислотасы ҳәм оның дузларын таза ҳалында, сондай-ақ, ҳәкли-белитли бириктириўши ҳәм бархан қумлары тийкарында силикат қурылыс материалларын және өнимлерин алыўдың технологиясы жаратылды.

Сүт өнимлерин ашытатуғын бактериялардың монокультуралары емлеў ҳәм диеталы өнимлерди алыўда үлкен әҳмийетке ийе. Сол себепли жергиликли сүт-қатық өнимлеринен ажыратылған бифидобактерий штаммлары тийкарында бактериал препаратлар алыў технологиясы ислеп шығылды.

Өткен 2018-жыл даўамында 4 фундаментал ҳәм 5 әмелий, жәми 1 миллиард 330 миллион 500 мың сумлық жойбар орынланды. Ҳәзирги ўақытта институтымызда 3 фундаментал, 5 әмелий изертлеў жумыслары алып барылмақта.

Илимий изертлеўлер барысында көплеген оғада әҳмийетли нәтийжелерге ерисилди.

Атап айтқанда, дуз ҳәм қурғақшылыққа шыдамлы өсимлик түрлерин, олардың туқымын вегетативлик усылда жетистириўдиң ҳәм көбейтиўдиң технологиясы ойлап табылды.

Междуречье (дәрьяаралық) суў бассейни аймағында инженерлик-геологиялық изертлеўлер алып барылып, топырақтың физикалық-механикалық өзгешеликлери үйренилди. Алынған илимий мағлыўматлар ҳәзирги ўақытта усы бассейндеги суў қурылмаларын қурыўда пайдаланылмақта.

Глоуконитли ҳәм фосфоритли жаңа түрдеги төгин жаратылып, оның физикалық, химиялық ҳәм товарлық қәсийетлери үйренип шығылды. Жаңа түрдеги төгинниң топырақтың дузлылығын азайтыў, гумус муғдарын арттырыў, топырақта ығалды сақлап турыў ҳәм өнимдарлықты күшейтиў сыяқлы қәсийетлери толық дәлилленди.

Усы жумыслар нәтийжесинде өткен жылдың 19-октябринде Елликқала районында глоуконит минерал төгинлерин ислеп шығаратуғын «Амир-Кимё Сервис» киши кәрханасы ашылды.

Жергиликли шийки затлар тийкарында гипсли бириктириўшилерди алыў бойынша илимий, физикалық-химиялық тийкарлар жаратылды. Мойнақ ҳәм Үстирттеги минерал кәнлердеги карбонат жыныслы ҳәм гипсли минераллардың химиялық, минераллық ҳәм физикалық-химиялық қәсийетлери изертленди. Лаборатория шараятында Үстирттиң гипсли минералы (селенит) тийкарында оғада беккемликке ийе болған гипс алыў технологиясы, Үстирттиң карбонат жыныслы минераллары тийкарында ҳәкли-белитли бириктириўшини алыў усылы ислеп шығылды.

Арал теңизиниң артемия цистасының химиялық қурамы изертленип, өзиниң барлық көрсеткишлери бойынша дүнья жүзилик экспортлық талапқа жуўап беретуғын биологиялық актив қосымшаларды, бояныў әнжамларын ҳәм тәбийғый препаратларды жаратыўда керекли шийки зат екенлиги дәлилленди.

Биологиялық актив қосымшалар жаратыў мақсетинде Тут семьясына киретуғын Маклюр мийўесиниң химиялық қурамы үйренилди. Оның қурамынан экстрактивли элементлер, полисахаридлер, липидлер ажыратып алынып, олардың муғдары анықланды.

Жергиликли сүт өнимлеринен 21 түрдеги сүт ашытатуғын бактериялар ажыратып алынып, олардың 16сы мезофилл болатуғыны анықланған. Ажыратылған бактериялардың морфологиялық-физиологиялық, биохимиялық қәсийетлери үйренилип, олар пайда болмастан бурын идентификацияланды. Сүташытқы бактерияларының мағлыўматлар базасы жаратылды.

Ҳәзирги ўақытта институт илимпазлары республикамыздағы карбонат минералларынан пайдаланыў тийкарында бириктириўши системаларды алыўдың илимий тийкарларын жаратыў, сүт кислоталы бактериялар тәрепинен ислеп шығарылатуғын полисахаридлердиң физикалық-химиялық қәсийетлери ҳәм физикалық активлигин изертлеў, дәрилик өсимликлерди үйрениў ҳәм модификацияланған тәбийғый элементлердиң аналогларын синтезлеў сыяқлы бир қатар жаңа фундаментал изертлеў ҳәм басқа да әмелий изертлеў жумысларын алып  бармақта.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.