Бүгинги күнде тек мәмлекетимиздиң ғана емес, ал, пүткил жәҳән жәмийетшилигиниң дыққат-итибары Аралбойы аймағында жүзеге келген экологиялық апатшылықтың ақыбетлерин жумсартыў, регионда жасайтуғын халықтың турмыс шараятын жақсылаўға қаратылған десек, асыра айтқан болмаймыз. Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң басламасы менен апатшылық орайында жайласқан Мойнақ районында алып барылып атырған кең көлемли жумысларға үлес қосыўға қәлеўшилердиң саны күн сайын артып бармақта. Бундай қайырлы ислерден Өзбекстан Илимлер академиясының академиги, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына мийнети сиңген илим ғайраткери Жуманазар Базарбаев та шетте қалмады. Ол өзиниң усы темада жазған көлемли мақалаларын топлап, «Билим» баспасынан өз алдына өз есабынан китапша етип шығарды.

«Жәбирленген халықтың тарийхының жаңа бети ашылды» деп аталған бул китапшаға Мийнет қаҳарманы, «Эл-юрт ҳурмати» ордениниң ийеси Қәллибек Камалов алғы сөз жазған. Китапша Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң БМШ Бас Ассамблеясының ўғ-сессиясында шығып сөйлеген сөзи менен басланады. Онда академиктиң Аралбойы аймағындағы экологиялық жағдай, оның тәсирин жумсартыў бойынша соңғы жылларда жазған көлемли мақалалары орын алған. Китапшада сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязовтың БМШтың Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарында Траст фондының презентациясы ҳәм баспасөз конференциясында шығып сөйлеген сөзи берилген. Бул мийнеттен орын алған Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры И.Юсуповтың «Сексеўил», Қарақалпақстан халық шайыры Г.Матякубованың «Келиң дослар Мойнақ жаққа» ҳәм шайыр П.Дабыловтың «Ўатан жыры жаңлар бүгин Мойнақта» атлы қосықлары Президентимиз ҳәм республикамыз басшысының сөзлериниң, академиктиң пикирлериниң бәнтин басып турғандай.

Қулласы, китапшаның алғы сөзинде жазылғанындай, академик Ж.Базарбаевтың бул улыўмахалықлық атланысқа өзиниң сөз жәрдеми арқалы қалыс хызмет ислеген басламасы қоллап-қуўатлаўға турарлық.

 

С.ЖАНИЕВ.

 

Дәрек: Karakalpakstan.uz